Быйыл 22-августтан «Басламалы бюджет» процесиниң екинши мәўсими шеңберинде даўыс бериў басқышы басланды.
Усы мүнәсибет пенен Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигинде Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң жуўапкерлери ҳәм ҒХҚ ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти.
Онда «Басламалы бюджет» жойбарының 2024-жылғы II мәўсими ушын ажыратылған қаржылар, алға қойылған жойбарлар ҳәм даўым бериў процеси ҳаққында ҳәр тәреплеме мағлыўмат берди.
Атап өтилгениндей, «Басламалы бюджет» процесин шөлкемлестириўде пуқаралардың белсендилиги усы жойбардың және де әҳмийетли екенин көрсетпекте.
– Бул мәўсимде пуқаралар тәрепинен 27 мыңнан артық жойбар алға қойылған. Соннан 23 мыңнан артық бөлеги жумысшы топарлар тәрепинен белгиленген нормаларға муўапық таңлап алынды ҳәм даўыс бериў процесине өткерилди. Жеңимпаз жойбарларды қаржыландырыў ушын 2 триллион сумнан артық қаржы қаратылыўы күтилмекте. Усы мәўсимниң бурынғы мәўсимлерден өзгеше тәрепи сонда, ендигиден былай «Басламалы бюджет» процесслери 4 басқышта өткериледи. Яғный 6-26-июль күнлери усыныс киргизиў басқышы, 26-июльден 15-августқа шекем модерация басқышы, 15-22-август күнлери сайлаўдан өткен жойбарлар бойынша үгит-нәсиятлаў басқышы ҳәм 22-августтан 1-сентябрьге шекем таңлап алыўдан өткен жойбарларға даўыс бериў басқышы өткерилетуғыны режелестирилген. Бизге белгили, 2024-жыл «Басламалы бюджет» процесслериниң 1-мәўсиминен баслап «Бир пуқара – бир даўыс» принципи енгизилген. Бул болса ҳәр бир пуқараның даўыс бериўде бир мәрте қатнасатуғынын билдиреди,-деди Экономика ҳәм қаржы министрлиги Мәмлекетлик бюджет сиясаты департаменти директорының орынбасары Шоҳруҳ Ишонқулов.
«Басламалы бюджет» процеси жылдан-жылға жетилисип бармақта. Онда тиккелей кең жәмийетшилик ўәкиллери тәрепинен билдирилген усыныслар үлкен әҳмийетке ийе болып атырғанын атап өтиў керек. Илажда Экономика ҳәм қаржы министрлигиниң Жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген жойбарлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Азимжан Ҳасанов бул бағдардағы өзгерислерге тоқтап өтти.
– Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2024-жыл 29-июльдеги КҚ-787- IV санлы қарарына тийкарланып «Басламалы бюджет» процесин өткериў бойынша әмелдеги тәртипке бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Бул процесс тиккелей кең жәмийетшилик, соның ишинде, белсенди пуқаралар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм депутатлардың усынысларын инабатқа алған ҳалда ислеп шығылды. Оған бола, барлық мәҳәллелер ушын жеңимпаз болыў имканиятын жаратыў мақсетинде ендигиден былай «Басламалы бюджет» шеңберинде соңғы мәўсимлерде избе-из еки мәрте жеңимпаз деп табылған мәҳәлле (шөлкем)леер ушын гезектеги еки мәўсим шеңберинде тәнепис жәрияланады. Бул мәҳәллелер ушын жойбар киргизиў имканияты шекленеди. Бул тәртип, яғный тәнепис қолланыў әмелияты 2025-жыл 2-мәўсимнен баслап қолланады. Бул болса, өз гезегинде, бир неше мәўсимнен бери процесслерде қатнасып киятырған, бирақ топлаған даўысларының муғдары халық саны үлкен мәҳәллелердиң топлаған даўысларының санынан аз болған мәҳәллелерге жеңимпаз болыў имканиятын береди. Сондай-ақ, даўыс бериўге бюджет шөлкемлериниң хызметкерлерин мәжбүрий тартыў жағдайларын дизимге алыў бойынша «қайнаған линия» иске қосылды. Даўыс бериў басқышы жуўмақланып, «Ашық бюджет» порталы тәрепинен жеңимпаз жойбарлар анықланғанынан соң Халық депутатлары район (қала)лық кеңеслерине жергиликли бюджеттиң қосымша қаржылары есабынан кейинги орынлардағы жеңимпаз болмаған жойбарларды қосымша түрде жеңимпаз деп жәриялаў ўәкиллиги де берилди. Мәселен, биринши мәўсимде 50 ден аслам жойбар мине, усындай тәртипте жеңимпаз болды,-деди Экономика ҳәм қаржы министрлиги Жәмийетшилик пикири тийкарында қәлиплестирилген жойбарлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы Азимжан Ҳасанов.
Сондай-ақ, илажда ҳәр бир жеңимпаз жойбарлардың орынланыўы ушын жумысшы комиссия тәрепинен ҳәр ай орынларға шыққан ҳалда үйренилиўи ҳәм оның нәтийжелери бойынша фотоматериаллар «Ашық бюджет» порталындағы «Көшпели мониторинг» бөлиминде сәўлелендирилиўи сыяқлы бир қатар тәртип-қағыйдалар ҳаққында да сөз болды.
Насиба ЗИЁДУЛЛАЕВ,
ӨзАның хабаршысы