21-август күни Орайлық сайлаў комиссиясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис Нызамшылық палатасы, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў менен байланыслы мәселелер көрип шығылды.

Бизге белгили, быйылғы жылдың 16-август күни Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясынан, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясынан ҳәм Өзбекстан Экологиялық партиясынан, 17-август күни болса Өзбекстан Халық демократиялық партиясынан ҳәм Өзбекстан «Адолат» социаллық-демократиялық партиясынан сайлаўда қатнасыўға рухсат бериў бойынша арзалар «E-saylov» мәлимлеме системасы арқалы Орайлық сайлаў комиссиясына келип түсти. Сиясий партиялардың арзалары берилген күнниң өзинде олардың ўәкилликли ўәкиллери өз партияларының сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлайтуғын сайлаўшылардың қол таңбасы қойылған қол таңба қағазларын Орайлық сайлаў комиссиясына тапсырды.

Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен қол таңба қағазларын бойынша жәми 33 қәнигеден ибарат экспертлер топары дүзилди. Бул экспертлер топары Әдиллик министрлиги жанындағы Хадича Сулаймонова атындағы Республикалық суд экспертизасы орайының маман қәнигелери, ИИМ Эксперт-криминалистика бас орайы ҳәм төменги система экспертлери, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетиниң профессор-оқытыўшылары ҳәм пуқаралық жәмийети институты ўәкиллеринен ибарат болып, олар берилген қол таңба қағазларының дурыс толтырылғанлығын сайлаў нызамшылығына муўапық тексерип шықты.

Тексериў нәтийжелерине бола, ҳәр бир сиясий партия 40 мыңнан аслам ҳақыйқый қол таңба топлаўға муўапық болғанлығы анықланды. Соннан келип шығып, сиясий партиялар Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаўда қатнасыўға рухсат бериў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Сайлаў кодексиниң 69-статьясына муўапық, сиясий партиялардан ҳүжжетлердиң келип түсиўи гезегине тийкарланып биринши, Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясына, екинши, Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясына, үшинши, Өзбекстан Экологиялық партиясына, төртинши, Өзбекстан Халық демократиялық партиясына, бесинши, Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясына рухсат берилди.

Бизге белгили, Сайлаў кодексиниң 231-статьясына тийкарланып Нызамшылық палатасы депутатларының бирден-бир сайлаў округи бойынша сайлаўында сайлаў бюллетенине онда қатнасып атырған сиясий партиялардың атамасы, символикалық белгиси олардың сайлаўда қатнасыў ушын рухсат берилген гезегине муўапық избе-изликте киргизиледи.

Сондай-ақ, видеоконференцбайланыс түринде өткен мәжилисте бир қатар аймақлық сайлаў комиссияларының сайлаўға таярлық көриў бойынша алып барылып атырған жумыслары ҳаққындағы мәлимлемелери тыңланды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзА хабаршысы