Бирлескен Миддетлер Шөлкеми (БМШ) Инсан ҳуқықлары бойынша кеңесиниң Мүнәсип турақ жай мәселелери бойынша арнаўлы баянатшысы Балакришнан Ражагопал Өзбекстанға сапары шеңберинде ҳуқықый уйымлардың жуўапкер шахслары менен ушырасты.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары Салом Самадов, Мәжбүрий орынлаў бюросы директорының орынбасары Зокиржон Холмуҳамедов ҳәм Әдиллик министриниң орынбасары Музраф Икромов пенен биргеликтеги ушырасыў өткерилди.

Ушырасыў даўамында Арнаўлы баянатшыға мәмлекетимизде халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў, оларды турақ жай менен тәмийинлеў, турақ жайы бузылыўға түскенлерге компенсация төлемлерин әмелге асырыў, қурылыс тараўындағы нызамбуыўшылықлар ушын жаза анық екени ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Б.Ражагопал мәмлекетте турақ жай менен тәмийинлеў тараўында алып барылып атырған сиясатты қоллап-қуўатлаған ҳалда өзиниң унамлы пикирлерин билдирди ҳәм усыныслары менен бөлисти.

Ушырасыў дослық ҳәм конструктивлик байланыс тәризинде өтти.

Н.Абдураимова, ӨзА