Ташкент Фотосүўретлер үйинде Президентимиздиң 2017-жыл 18-январьда қабыл етилген «2017–2021-жыллары Аралбойы регионын раўажландырыў мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында» қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде «Мойнақ: кеше, бүгин, ертең» атамасындағы фотокөргизбениң ашылыўы болып өтти.
Жоқарыда аты келтирилген ҳүжжетке бола Өзбекстан Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында трастфондын шөлкемлестириў бағдарындағы басламаны алға қойды ҳәм бул БМШ тәрепинен қоллап-қуўатланды.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев «Арал бойы аймағын экологиялық инновациялық технологиялар зонасы», деп жәриялаў мәселесин көрип шығыўды усыныс етти. Усыныс 2018-жылы қабыл етилди.
Бул бағдарламаның өзинде бир қанша машқалаларды избе-из шешиўди қамтып алды. Бул болса Орайлық Азия республикаларының аўызбиршилигин талап етти. Ҳәзирги күнге шекем бул бағдарлама шеңберинде елимизде бир қатар жойбарлар әмелге асырылды. Булардан бири «Жасыл экономика» жойбары болып, онда шөлистанлық орнында тоғай жаратыў идеясы алға қойылған. Бул идеяның әмелге асырылыўында: регион ҳәр қыйлы кеселликлерди көбейгени, өсимлик ҳәм ҳайўанлардың жоқ болып кетип атырғаны, ҳәттеки, бундай экологиялық тамтарыслық планетаның ысып кетиўин тезлестириўге тәсир етиўи мүмкин екенлиги сыяқлы бир қатар глобал машқалалардың алдын алыў нәзерде тутылған.
Аралбойы экологиялық апатшылығы пүткил инсаниятқа қәўип салып, әсиресе, елимиз халқын тәшўишлендирмекте. Жәмийетшилик бул апатшылықтың алдын алыўда тараўға байланыслы илажларды көрмекте. Соның ишинде көркем өнер халқы да бул ийгиликли иске өз үлесин қоспақта.
Бул көргизбе профессионал фотографлар Виктор Ан ҳәм Ҳамдам Шораҳмедовтың Арал апатшылығын көрсететуғын көркем фотографиялары ҳәм Өзбекстан Миллий Мәлимлеме агентлигиниң фотохабаршылары Аралбойы қалаларындағы бүгинги тиклениў процесслери ҳәм жетискенликлери ҳаққында гүрриң етиўши сүўретлери көрсетилген.
Виктор Ан фотошығармаларының ақ-қара реңде болғаны теманы тамашагөйге және де толығырақ жеткерип, ўақыяны және де кескинлестиреди, инсанларда ашыныў ҳәм сергеклик сезимин оятады. Ҳамдам Шораҳмедовтың фотосүўретлеринде болса рәмзий деталларға көринис мәнисин шолыў ўазыйпасы жүкленеди: шөлистандағы ескирген кемелер, дуз ҳәм шаң-тозаңлы үлке, өсип киятырған шөлистанлық сексеўиллери ҳәм көк аспан, қуяштың жыллы нурлары. Бир қарағанда тартыслы көринис пайда етип атырған бул элементлер өлим ҳәм оннан кейин, әлбетте, өмир, тиришилик қайтатуғынын көрсетип өтеди.
Равиль Альбековтың Арал түнин өзинде көрсетиўши ақ-қара сүўретлери адамға жақсы кейпият ҳәм йош бағышлайды. Сүўретлерде өтмиште Аралдың толы екени, онда балалар ҳәз етип шомылып атырғаны, Арал балықларға бай болғаны, оларды халық торда услап атырғанын көрип көзиң қуўанады…
Көргизбениң тийкарғы бөлимин ӨзАның хабаршылары Даўыт Абибуллаев, Насиба Зиёдуллаева ҳәм фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаев пенен биргеликте пайда болған ҳәр қыйлы тема ҳәм жанрдағы бийтәкирар фотосүўретлер ийелейди. Мойнақта болып өткен ҳәр қыйлы ўақыя-ҳәдийселерге бағышланған бул фотосүўретлер тамашагөйдиң дыққатын тартпастан қалмайды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 5-январьдағы Пәрманы менен тастыйықланған «2019-2025-жыллары Өзбекстан Республикасында туризм тараўын раўажландырыў Концепциясын әмелге асырыў бойынша 2019-жылға мөлшерленген илажлар режеси»нде «РаллиМойнақ» автожарысын шөлкемлестириў ҳәм өткериў белгиленген еди. Бул автожарысты толық сөз етиўши фотосүўретлерди ӨзА фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаев алған.
ӨзАның хабаршысы Мақсет Ҳабибуллаев «Аралдың қурыған майданында жасыл оазис қурылмақта» темасындағы фотосүўретлери тамашагөйди бийпәрўа қалдырмайды. Оларда Аралдың қурыған майданындағы қудық қазыў ҳәм терек егиў жумысларынан көринислер көрсетиледи. Сондай-ақ, автордың 2018-жылдың 15-16-декабрь күнлери Нөкис қаласында «Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар» темасында өткерилген биринши инвестициялық бизнес форумындағы фоторепортажлары да дыққатқа ылайық болып есапланады. Сүўретлерде форум шеңберинде өткерилген бизнес жойбарлар презентациясы, Мойнақ районындағы Экология музейи ҳәм «Кемелер қойымшылығы» туристлик мәканына қатнасыўшылардың еткен сапарлары да сөз етиледи.
ӨзАның хабаршысы Даўыт Абибуллаевтың Мойнақ районындағы «Қазақдәрья» Аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан тапсырылған халыққа ишимлик суў жеткерип бериў станциясы ҳәм мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси имаратының ашылыў мәресимлери ҳаққындағы материалына алынған сүўретлер де көргизбеде көрсетилмекте. Тема және ӨзАның алдыңғы фотохабаршысы Мақсет Ҳабибуллаев тәрепинен сүўретлерде сәўлелендирилген.
ӨзАның хабаршысы Насиба Зиёдуллаеваның Арал теңизи бойында экотуризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққындағы материалына да Мақсет Ҳабибуллаев сүўретлер алған. Сүўретлерде Арал теңизиниң аймағы ҳәм экотуризмди раўажландырыў бойынша шөлкемлестирилген отаўлар кемпингинен алынған көринислер сәўлеленеди.
Улыўма алғанда, бул көргизбе дүньяға, ана-тәбиятқа бийпәрўа болмаўға шақырыўы менен әҳмийетли болып есапланады.
Н.Усманова, Рустам Назарматов (сүўрет), ӨзАның хабаршылары