2024-жыл 16-август күни, Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенатыныӊ мәжилислер залында Олий Мажлис Сенатының елиў бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.
Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.
Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилип атырған жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева алып барды.
Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы каналы арқалы тиккелей сәўлелендирип барылды.
Сенаторлар тәрепинен дәслеп «Халықаралық мийнет шөлкеминиң Толық емес жумыс ўақты шараятларында ислеў ҳаққындағы 175-санлы Конвенциясын (Женева, 1994-жыл 24-июнь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Бул конвенция дүньяның 20 мәмлекети тәрепинен ратификацияланған. Конвенцияның мақсети толық емес жумыс ўақты шараятында жумыс ислеўши жумысшылардың мийнет шараятларын, оларды мийнетке ҳақы төлеў ҳәм социаллық тәмийнат тараўындағы кемситиўден қорғаўды тәмийинлеў болып есапланады.
Конвенция қағыйдалары толық емес жумыс ўақыты шараятында ислейтуғын барлық шахсларға қолланылады. Додалаў даўамында толық емес жумыс ўақтында ислейтуғынлар толық жумыс ўақтында ислейтуғынлар менен бирдей ҳуқық ҳәм социаллық қорғаўға ийе болыўы керек екенлиги атап өтилди.
Сенаторлар Конвенция нормалары Өзбекстан нызамшылығына, сондай-ақ, «Өзбекстан-2030» стратегиясының мақсет ҳәм ўазыйпаларына толық сәйкес келетуғынын атап өтти. Додалаў ўақтында Конвенцияның ратификацияланыўы толық емес жумыс ўақты шараятында жумыс ислейтуғын мийнеткешлердиң ҳуқықларын қорғаў ушын қосымша кепилликлер жаратыўға имканият беретуғыны, мийнетти қорғаў миллий системасын және де жетилистириўге салмақлы түртки беретуғыны атап өтилди.
Сенаторлардың атап өтиўинше, Конвенцияның ратификацияланыўы мийнет тараўындағы миллий нызамшылықты жетилистириўге ҳәм халықаралық стандартларды нәтийжели енгизиўди тәмийинлеўге хызмет етеди, сондай-ақ, Өзбекстанның хызметкерлердиң ҳуқықлары кепилликлерин тәмийинлеў бойынша тйикарғы халықаралық принциплер ҳәм стандартларға садықлығын көрсетеди.
Додалаў жуўмақлары бойынша Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соӊ «Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайы Уставына (Рим, 2013-жыл 29-ноябрь) Өзбекстан Республикасының қосылыўы ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.
Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайы 1956-жылы шөлкемлестирилген болып, оның резиденциясы Римде жайласқан. Ҳәзирги ўақытта 140қа шамалас мәмлекет усы халықаралық шөлкемге ағза болған.
Атап өтилгениндей, Халықаралық изертлеў орайы билимлендириў, мәлимлеме тарқатыў, изертлеўлер ҳәм бирге ислесиў, жәмийетлик кампаниялар арқалы дүнья мәдений мийрасын қәстерлеп-сақлаўға қәнигелескен халықаралық шөлкем болып есапланады.
Халықаралық изертлеў орайы ЮНЕСКОның мәсләҳәт уйымы болып, өз мандаты шеңберинде дүнья мәдений мийрасы объектлеринде әмелге асырыўға мөлшерленген жойбарларды көрип шығыўда тийисли жуўмақлар ҳәм усыныслар таярлаўға жәрдем береди.
Сенаторлардың атап өткениндей, Мәдений естеликлерди сақлаў ҳәм реставрациялаў бойынша халықаралық изертлеў орайы Уставына Өзбекстанның қосылыўы сырт ел тәжирийбесин үйрениў ҳәм енгизиў арқалы тарийхый имаратларды реставрациялаў бойынша жаңа миллий мектепти қәлиплестириў, сондай-ақ, мәмлекетимизде тарийхый естеликлер ҳәм архитектуралық имаратларды реставрациялаў ҳәм консервациялаў имканиятларын кеңейтиў имканиятын береди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Соныӊ менен бирге, гезектеги жалпы мәжилисте «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине бала ҳуқықларының қорғалыўын және де беккемлеўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам ҳәммениӊ дыққат орайында болды.
Додалаў процесинде атап өтилгениндей, кейинги жылларда жас өспирим балаларды нызамға қарсы диний билим алыўға әйне ата-аналардың өзи алып барыў жағдайлары көбейип бармақта.
Ҳуқық-қорғаў уйымлары тәрепинен алып барылған үйрениўлер нәтийжесине бола, 2021-2023-жыллар ишинде нызамсыз диний билимнен сабақ бериўге байланыслы 2 мың 457 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар анықланған. Олардың 1 мың 479 и «өжире» шараятында шөлкемлестирилген болып, оларда оқып атырғанлардың 60 процентин жас өспиримлер қураған.
Баланың нызамға қарсы диний жумыс пенен шуғылланатуғын ҳеш қандай дизимнен өтпеген, рәсмий емес орайлар ҳәм шахслардан диний билим алыўы нәтийжесинде олардың диний экстремистлик идеяларының қурбанына айланып қалмаўына ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Соңғы 3 жылда диний экстремизм ҳәм терроризм менен байланыслы жынаятлар бойынша жуўапкершиликке тартылған жас өспирим шахслардың саны 4 есеге артқан.
Қалаберди, бундай нызамсыз билимлендириў процесинде балаларға байланыслы түрли аўыр жынаятлар жүз бермекте. Баланың еркин ҳәрекетлениўин шеклеў және санитария-гигиена талапларына жуўап бермейтуғын имарат ҳәм ханаларда сақлаў, оған физикалық азап бериў ямаса руўхый басым өткериў жағдайларын, ҳәттеки, жынысый зорлық қурбаны болып атырғанын буған айқын мысаллар сыпатында келтирип өтиў мүмкин.
Мәмлекетимизде диний билимлендириў мәселеси әмелдеги нызамшылықта анық белгилеп қойылған. Соның ишинде, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамда ҳәм оннан алдынғы нызамларда диний профессионал билимлендириўдиң ҳуқықый тийкарлары қатаң белгиленген. Жеке тәртипте диний билим менен шуғылланыў нызамға қарсы есапланады.
Додаланып атырған нызам жоқарыда атап өтилген унамсыз жағдайлардың алдын алыў, ата-аналар және олардың орнын басатуғын шахслардың балаларды оқытыў, тәлим-тәрбия бериўге байланыслы миннетлемелерин орынлаў бағдарындағы жуўапкершилигин күшейтиў, сондай-ақ, балалардың билим алыў ҳуқықы кепилликлерин тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылғаны айрықша атап өтилди.
Бул нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси және «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамға ата-аналар ямаса олардың орнын басатуғын шахслар тәрепинен баланы нызамға қарсы түрде диний билим алыўға тартыўға жол қоймаў мақсетинде усы нызамшылық талабына әмел етпегени ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Соныӊ менен бирге Нызамда ата-аналар ямаса олардың орнын басатуғын шахслардың өз перзентлерин жеке сыйыныўларына муўапық диний ҳәм әдеп-икрамлылық жақтан тәрбиялаў ҳуқықы анық билдирилмекте. Бул норма Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакттиң 18-статьясында белгиленген қағыйдалар тийкарында киргизилмекте.
Нызамда усы процесслерде ата-ананың жуўапкершилиги және де күшейтилмекте. Себеби жас бала өзи нызамсыз өжиреге барып қалмайды ҳәм әйне усы жағы да нызамда тәртипке салынған.
Нызамның қабыл етилиўи балалардың билим алыў ҳуқықы кепилликлерин тәмийинлеўге хызмет етеди. Олардың кәмил инсан болып жетисиўине түрли аўыр жынаятлар ҳәм диний экстремистлик идеялар қурбанына айланыўының алдын алыўға хызмет ететуғыны сенаторлар тәрепинен атап өтилди.
Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.
Сенаттыӊ елиў бесинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер дизимин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселеси де додаланды.
Атап өтилгениндей, соңғы 4 жылда мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўларға байланыслы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў бойынша Президентимиздиң бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилген.
Олардың арасында 2020-жыл 2-июньдеги «Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде олар менен системалы ислесиўдиң жаңа механизмин енгизиў ҳаққында»ғы пәрман елимизде бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли бағдарлама болды.
Өткен дәўир даўамында социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўларда алып барылған реформалар нәтийжесинде бир қатар халықаралық рейтинглерде унамлы көрсеткишлерге ерисилди.
Атап айтқанда, экономиканың либералласыўы ҳәм қолайлы инвестициялық орталықтың жаратылыўы нәтийжесинде Экономикалық еркинлик индексинде мәмлекетимиздиң орны 5 текшеге көтерилип, 178 мәмлекет арасында 109-орынды ийеледи. Соңғы 7 жылда болса Өзбекстан өз көрсеткишлерин 57 текшеге жақсылады.
Сондай-ақ, экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўда, соның ишинде, аўыл хожалығы, энергетика, қурылыс, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа көплеген тараўларда алып барылған инновациялық ҳәм технологиялық раўажланыў Өзбекстанның Глобаллық инновациялар индексиндеги көрсеткишлериниң жақсыланыўына алып келди. Өзбекстан бул индексте 132 мәмлекет арасында 93-орыннан 82-орынға көтерилди.
Мәмлекетлик хызметлердиң санластырылыўы, мәмлекетлик уйымлардың жумысына электрон технологиялардың кеңнен енгизилиўи нәтийжесинде Электрон ҳүкиметти раўажландырыў рейтингинде республикамыз өз көрсеткишин 18 текшеге жақсылап, 193 мәмлекет арасында 69-орынды ийеледи ҳәм бул бойынша «жүдә жоқары раўажланып атырған» мәмлекетлер қатарына кирди.
Буннан тысқары, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар Коррупцияны қабыллаў индексиндеги мәмлекетимиз көрсеткишлерине унамлы тәсир көрсетти. Соның ишинде, бул индексте 180 мәмлекет арасында Өзбекстан көрсеткишлерин 2020-жылдағы 146-орыннан 2024-жылы 121-орынға алып шығыўға ерисилди. Улыўма алғанда, соңғы 7 жылда Индекстеги мәмлекетимиз орны 36 текшеге жақсыланды.
Мәмлекетимизде ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша алып барылған реформалар нәтийжесинде Ҳуқық үстинлиги индексинде Өзбекстан соңғы үш жылда өз көрсеткишлерин 14 текшеге жақсылап, 142 мәмлекет арасында 78-орынды ийеледи.
Соныӊ менен бирге, республикамыздыӊ халықаралық майдандағы дәрежесин және де арттырыў, халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиўде ықшам ҳәм нәтийжеге бағдарланған системаны енгизиў ҳәм парламент ўәкилликлерин кеӊейтиў мақсетинде 2024-жыл 19-июньда «Халықаралық рейтинг ҳәм индекслер менен ислесиў системасын жетилистириў ҳәм бул тараўда парламент қадағалаўын күшейтиў бойынша қосымша илажлар ҳаққында» Президенттиӊ ПП-91-санлы пәрманы қабыл етилди.
Пәрман менен Олий Мажлис Сенаты тәрепинен тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердиӊ дизимин ҳәм еӊ әҳмийетли көрсеткишлерин тастыйықлаў белгиленди.
Мәжилис даўамында мәмлекетимиз ушын 15 тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер ҳәм оларға жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың дизими ҳәм 2030-жылға барып мақсетли көрсеткишлер ислеп шығылғаны айтылып, Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жақсыланыўы ҳаққындағы миллий протокол таярлаў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленди.
Сенаторлардыӊ пикиринше, халықаралық рейтинг ҳәм индекслер белгили тараў, бағдар ҳәм тармақларды ҳәр түрли жоллар менен анықлаў қуралы болып есапланып, олар мәмлекетлердиӊ дүнья жәмийетшилигиндеги орны ҳәм дәрежесин белгилеўде, алып барылып атырған реформаларға әдил баҳа бериўде үлкен әҳмийетке ийе.
Додалаўдан соң Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Сондай-ақ, Суў хожалығы министрлигиниң суў ресурсларынан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, тараўды басқарыў механизмлерин ҳәм нызамшылық базасын жетилистириўге байланыслы илажлардың орынланыўы бойынша мәлимлемеси тыңланды.
Атап өтилгениндей, Сенат суў ресурсларын қорғаў, олардан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланыў, суўды басқарыў механизмлерин жетилистириў, тараўдың нызамшылық базасын беккемлеў ўазыйпаларының орынланыўына айрықша итибар қаратқан.
Атап айтқанда, суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў мақсетинде 11 мың 446 суў хожалығы объектинде «Ақыллы суў», 6 мың 953 нде «Дайвер» ҳәм 1 мың 709 насос станциясында «онлайн» қадағалаў қурылмалары орнатылған. Сондай-ақ, 67 ири суў хожалығы объекти толық автоматластырылған.
Санлы технологияларды қолланыў, 400 мың гектардан аслам майданда суў үнемлеўши технологияларды енгизиў, зәрүр ирригация ҳәм мелиорация илажларын әмелге асырыў нәтийжесинде усы жылдың биринши ярым жыллығында 2 миллиард метр кубтен аслам суў үнемленген.
Республика бойынша кластер ҳәм фермер хожалықлары есабындағы 10 мың 540 км. ишки суўғарыў тармақлары бетонластырылған, сондай-ақ, 34 мың 885 км. канал, салма ва лотоклар тазаланған.
Тараўда «suvkredit.uz» платформасы енгизилип, жәми 134,3 мың гектар майданда тамшылатып, жаўынлатып ҳәм дискрет усылда суўғарыўды енгизиў ушын 2 триллион сумнан артық жеңилликли кредит қаржылары ажыратылған.
Айдар-Арнасай көллер системасына «Чордара» суў сақлағышынан 871 миллион метр куб ҳәм басқа дәреклерден 300 миллион метр куб душшы суў тасланыўы нәтийжесинде оның экологиялық жағдайы турақласпақта.
«Суўшылар мектеби» шөлкемлестирилип, 70 мыңға шамалас тыңлаўшының оқытылыўы тәмийинленген ҳәм «Суў жойбарлары орайы» жумысы жолға қойылған.
Әмелге асырылған жумыслар менен бир қатарда тараўда келешекте шешилиўи керек болған бир қатар мәселелер бар екенлиги айтылып, жуўапкерлерге тийисли пикир-усыныслар берилди.
Соның ишинде, климат өзгериўи факторларын инабатқа алып, тараўды тәртипке салыўшы нызам ҳүжжетлерин терең дизимнен өткериў, арзан ҳәм тез әмелге асырылатуғын инновациялық технологияларды қолланған ҳалда каналларды бетонластырыўды тезлестириў, аўыл хожалығында суў аз талап етиўши, экономикалық нәтийжели биоагротехнологияларрды енгизиў кереклиги айтып өтилди.
Аўыл хожалығында суўдың жумсалыўын қысқартыў, ирригация системаларындағы насазлықларды сапластырыў, улыўмалық суў шығынларын азайтыў, суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, суўдан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, жәмийетшиликке «суў бийпул емес» идеясын сиңдириў жумысларына итибар қаратыў кереклиги айтылды.
Додалаўдан соң бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.
Сенаттыӊ 55-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқары судының қурамына өзгерис киргизиў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы ҳәм Олий Мажлис Сенатының тийисли қарарына тийкарланып Ойбек Аъзамжонович Баракабаев басқа жумысқа өтиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан босатылды.
Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстыӊ барлық тараўларыныӊ ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли реформалардыӊ нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 13 мәселе, соныӊ ишинде, 11 нызам көрип шығылды
Соныӊ менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатыныӊ елиў бесинши жалпы мәжилиси жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенаты
Мәлимлеме хызмети