Эй уллы Туран, арысланлар үлкеси!
Саған не болды? Эй Шыңғыслардың,
Темурлардың, Оғузлардың,
Атыллалардың даңқлы бесиклери!
Қәне ийелеген бәлент шоққылар?..
Абдурауф Фитрат
Америкалы сиясатшылардын бири Орайлық Азия регионының ҳәзирги дәўирдеги өмири ҳәм тәғдири ҳаққында «…олар бүгин постсовет ямаса посткоммунистлик мәмлекетлер емес» деген пикирди билдирген еди.
Илимий изертлеў топарлары арасында қатып қалған (стереотип) түсиниклердиң ескиргенине билдириўши бул көз-қарасты түсинип алыў ушын бүгин арнаўлы илимлер ийеси болыў шәрт емес. Буннан он-он бес жыл алдын сиясий тәбияты миллий айырмашылық, өз-ара жаўызлық ҳәм жасырын душпанлыққа бейим болған Орайлық Азия жәмийетлери – мың жыллық қоңсылар арасындағы қатнасықлар бүгинги күнге келип, ҳайран қаларлық дәрежеде өзгерип кетти. Кеше ғана бир-биринен үстинлиги, «әййемги»лиги ҳәм сол себеплерге бола, регионның тарийхый–мәдений мийрасына көбирек тийисли екенин күш салып дәлиллеўге урынып атырған, айырым жерлерде бир-бирин кескин кемситип атырған адамлар ҳәзирги күнде айрықша аўызбиршиликли қоңсыларға айланып қалды.
Бул феноменди билдириўши, анық дәлил сыпатында баҳалаўшы ўақыя-ҳәдийселерди күн-күнара көрип, еситип жүрмиз. Ҳәзир ғана айтқанымыздай, жан қоңсылардың бир-бирине қарата алып барған жабық ҳәм әдил емес сиясаты регионның улыўмалық тарийхын, мәдений мийрасын «ғәзеплениў тили»не айландырып қойған еди. Тарийх ҳәм ата-бабалардан қалған улыўма мийрас ҳүкимран сиясатлар тәрепинен идеалогияластырылыўы, тоқып-пишилиўи ақыбетинде Евроазия орайы – бир заманлары үлкен империяларға тийкар салған, даңқы дүньяға жайылған үлкеде, тилекке қарсы, ғәрезсизликке ерискен ҳәм соның менен бирге бир-бирине терис бурылған бес мәмлекетти пайда етти. Соның менен бирге бул жағдай әтираптағы дәстүрий акторлар (ҳәрекет етиўшилер) ушын регионды геосиясий объект дәрежесинде услап турыў имканиятын берди.
Мен ҳәзирги ўақытта регионның геосиясий көриниси, ҳәзирги күндеги абырайы бағдарында толық тоқталмақшы емеспен. Ҳәзир бул процесслерге тиккелей тәсир етиў қуўатлығына ийе болған, сиясатшылар тили менен айтқанда, ҳақылы түрде регионның геосиясий акторына айланып баратырған Жаңа Өзбекстанымыздың исенимли қәдемлери, күннен-күнге артып, раўажланып атырған халықаралық имиджи бағдарындағы пикирлерим менен ортақласпақшыман.
Ашығы, мени бүгин айтпаса болмайтуғын, жүрегимди толқынландырып жиберген қуўанышлы ўақыялар жазыўға ийтермеледи, қолыма қәлем алыўға мәжбүр етти десем, дурыс гәпти айтқан боламан.
***
Өтип атырған август айы ҳәммемиз ушын қайырлы, қуўанышлы хабарлар ҳәм ўақыялар менен басланды. Ҳәм айтыў мүмкин, мен нәзерге алмақшы болған еки әҳмийетли ўақыя да Жаңа Өзбекстанымыздың дүнья сиясаты, мәденияты ҳәм заманагөй тарийхындағы жоқарылап баратырған орны менен байланыслы. Бул факторлар кеше ғана Өзбекстан Президентиниң Қазақстанға әмелге асырған мәмлекетлик сапары ҳәм Астана қаласында болып өткен Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўындағы қатнасы ҳәм спортшыларымыздың Париж Олимпиадасындағы тарийхый жеңиси себеп кеўлимди йоштырып атырған пикирлер менен байланыслы жалынлы ойлар болып есапланады.
Дурыс, айырымлар «Хош, Президент бундай форматтағы ушырасыўларда көп мәрте қатнасқан, спортшыларымыз да басқа жеңимпаз мәмлекетлердиң атлетлери қатарында жеңиске ерискен, соған сонша толқынланыў ма?» деп менсинбеўи мүмкин.
Бирақ бундай адамларға мениң де сораўым бар: хош ғәрезсиз болғанына отыз үш жыл болып атырған Өзбекстан менен жәҳән мәмлекетлери қашан бул дәрежеде исенимли есапласқан, басынан аўыр күнлерди өткерген бул мәмлекет ҳәм халық қашан халықаралық сиясаттың еркин субъекти сыпатында тән алынған? Қашан еки жүзден артық мәмлекет спортшылары қатнасқан халықаралық беллесиўде елимиз ўәкиллери он үшинши орында атап өтилген, қашан Өзбекстан гимни бундай абырайлы жарысларда избе-из сегиз мәрте жаңлаған, байрағымыз он үш мәрте жеңимпазлар текшеси бойлап жоқарылаған ҳәм және биз және қайсы мәҳәлде «өзбек спортшылары дүньяда теңсиз» деген тән алыўларды еситкенбиз?!
Әлбетте, бүгин халқымыз турмысындағы әҳмийетли ҳәдийсе сыпатында баҳаланып атырған бул еки фактор Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң дерлик сегиз жылдан берли алып барып атырған машақатлы мийнетлериниң мүнәсип жемиси десем, мени ҳеш ким бийкарлай алмайды.
Бәринен бурын, Қазақстандағы ушырасыўларға тоқтап өтпекшимен. Бул сапар ўақыялары Миллетимиз Лидериниң буннан жети-сегиз жыл алдын регион бойынша баслаған өмир бағышлаўшы сиясатының нәтийжелерин анық көрсеткендей болды.
Ҳәммемиз жақсы билемиз, 7-9-август күнлери мәмлекетимиз басшысы мәмлекетлик сапар менен Қазақстанда болды. Сапар алдында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың басшылығында Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси болып өтти.
Ўақты келгенде соны айрықша айтыў керек, еки қоңсы мәмлекет басшылары арасындағы бул дәрежедеги ушырасыў тарийхымызда биринши мәрте өткерилди. Дүнья жәмийетшилиги, халықаралық экспертлер тәрепинен регионның тийкарғы локомотивлери, деп тән алынып атырған мәмлекетлердиң бирге ислесиўиниң бундай жоқары дәрежеге шығыўы еле бақланбаған. Тән алыў керек, бурынлары да Орайлық Азия, «регион бирлиги» ямаса оғада идеялогияластырылған «Түркстан-улыўмалық үйимиз» дегенге уқсас миллий улыўмалық түсиниклер бар болған болсада, топар сыпатындағы өзине тәнлик оғада қараңғы еди. Еки тийкарғы күш болған қоңсылардың регионда алып барып атырған ҳәрекетлери сол қараңғылықты анық ҳәрекетке айландырыўда әҳмийетли қәдем болмақта. Бул ҳаққында кейинирек, ҳәзир болса тиккелей мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылыўына арзыйтуғын мәжилис – Мәмлекетлер аралық кеңестиң биринши мәжилисине толығырақ тоқтап өтемиз.
Сапар шеңберинде Ҳүкиметлер аралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислери, бизнес форумы, сиясий мәсләҳәтлесиўлер, аналитикалық орайлар форумы, интеллектуаллық ойынлар табыслы өткерилди. Буннан тысқары, кино күнлери ҳәм басқа да мәдений илажлар шөлкемлестирилип, халықларымыздың тек ғана сиясий-экономикалық емес, ал мәдений жақтан да уқсаслығын арттырыўға хызмет етеди десем, алжаспаған боламан.
Бул ушырасыўлардағы ең дыққатқа ылайық ўақыялардан бири, еки мәмлекет басшыларының 2024-2034-жылларға мөлшерленген стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық бағдарламасы қабыл етилди. Бул ҳүжжет Өзбекстан-Қазақстан дослық ҳәм жақсы қоңсышылық қатнасықларында жаңа басқыш басланғанын билдиреди, әлбетте.
Соны қуўаныш пенен айтыў мүмкин, мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлар динамикасы мисли көрилмеген дәрежелерге көтерилип бармақта. Оны болып өткен ушырасыўлар, мәселен, тәреплердиң бизнес форумы ҳәм исбилерменлик ушырасыўларының жуўмақлары бойынша 7 миллиард долларлық салмақлы келисимлерге қол қойылғаны мысалында да көриў мүмкин…
– Биз көп тәреплемели қатнасықларымызда жаңа бет аштық – Мәмлекетлер аралық жоқары кеңестиң биринши мәжилисин өткердик. Бул формат мәмлекетлер аралық бирге ислесиўдиң ең жоқары дәрежесиниң белгиси болып, мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың тығыз байланыслары, олардың барлық бағдарларда бирге ислесиўин беккемлеўге қатаң умтылысын, анық көрсетеди,-деди мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыўда.
Әлбетте, регионның жүреги болған еки мәмлекет арасындағы қатнасықлардың жаңа басқышқа шығыўы дүнья жәмийетшилигиниң де, халықаралық экспертлердиң де итибарынан шетте қалмады. Таллаўшылар, «ақыл орайлары» мине, усы сапардың ўақыяларын кеңнен додалады. Атап айтқанда, Малая университети (Малайзия) жанындағы Азия ҳәм Европа институты директорының орынбасары Рой Энтони Рожерс өз бақлаўларын төмендегише билдирди:
«Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери арасындағы беккем тарийхый байланыслар ҳәм жеке дослық байланыслар себепли өзбек-қазақ қатнасықларының ҳәзирги жағдайы айрықша динамика, өз-ара түсиник ҳәм исенимниң жоқары дәрежеси менен ажыралып турады. Өзбекстан Президентиниң Қазақстанға бул сапары тек ғана еки мәмлекет халықлары емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының раўажланыўы ушын да тарийхый әҳмийетке ийе деп есаплайман».
Регионның бирге ислесиўи жолында Өзбекстан алып барып атырған сиясаты жоқары баҳаланып, «Premium Construction» компаниясы (Қатар) басқарыўшы бирге ислесиўшиси Насри ал-Саади болса өз мақаласында жан қоңсылардың қызғын ҳәрекетлерине итибар береди:
«Еки мәмлекет жетекшилери халықаралық бирге ислесиўдиң күн сайын ен жайып атырған механизмлерине айланып атырған Мәсләҳәт ушырасыўлары ҳәм «Орайлық Азия плюс» платформалары арқалы регионды бирлестириў ҳәм ҳәрекетлерди муўапықластырыў тәрепдары болып есапланады. Олар глобал ҳәм регионаллық сиясат мәселелеринде де бир-бирин белсене қоллап-қуўатлап келмекте».
Мениң мақсетим бул тарийхый ушырасыў ҳаққында сырт ел таллаўшыларының пикирлерин қаластырып таслаў ҳәм додалаў емес. Гөзлеген нийетим – бул муқаддес ел, әзиз халқың ушын ҳәр қыйлы қыйыншылықлар, басымлар, сыртқы ҳәм ең ашынарлысы, өзиңнен шыққан бәле – «ишки ойынлар»ды жеңип өтип, данышпанлық пенен гөзелеген мәнзилине умтылып атырған ҳәм бул процессте үлкен жетискенликлерге ерисип атырған Миллетимиз Лидери Шавкат Мирзиёевтиң мәртлиги ҳәм садықлыққа тийкарланған ислери ҳаққында айтыў ҳәм бул кейпиятты сизге де жеткериў болып есапланады. Мен өзбек халқы, Өзбекстанның атын бийиклерге көтерген, көтерип атырған сондай инсан менен заманлас ҳәм ўатанлас болғанымнан бәрқулла мақтанаман.
***
Кавказ мусылманлары аўқамының баслығы шейхулислам Аллашүкир Пашшазада жақында Өзбекстан ғалаба хабар қуралларына берген интервьюсинде «Шавкат Мирзиёев тулғасы бүгин тек ғана Өзбекстан емес, ал регионның жәмийетлик-сиясий турмысына байланыслы күшке енди» деген еди.
Егер дүньяға белгили илимпаздың биз ушын нейтрал шахслығын есапқа алсақ, бул сыпатлама пүткиллей шын кеўилден екенине исеним пайда етемиз.
Ҳақыйқатында да, бүгин халықаралық сиясатта үлкен қызығыўшылыққа себеп болған Орайлық Азия мәмлекетлери мәсләҳәт ушырасыўының интакери де бизиң Президентимиз болды.
Еслесеңиз, бул баслама дүнья жәмийетшилиги тәрепинен кеңнен алғысланған ҳәм биринши ушырасыў 2018-жылы 15-мартта Астанада болып өткен еди. Бес қоңсы мәмлекет басшыларының кеше ғана Қазақстан пайтахты Астанада өз жумысын алып барған мәжилиси усы форматтың жаңа цикли – дәўирин баслап берди.
Бүгинги мақаладағы тийкарғы итибар усы темаға тийисли болмаса да, бир пикирди айтыўым шәрт. Шавкат Мирзиёев буннан 7-8 жыл алдын бул ушырасыўды шөлкемлестириўден гөзленген мақсетти мен енди анық түсингендей болдым. Бул – регионның бирлиги, аўа, аўа, мың жыллар даўамында, ата-бабалары бирге татыў-дос жасап келген, бирақ ҳәр қыйлы сиясий себеплерге бола, ажыралып ҳәм ҳәттеки жоқарыда айтқанымдай, бир-бирине жаўға айланыўына аз ғана қалған халықларымызды бирлестириў, силкип үзип алынған тарийхый тамырларды емлеў, бир заманлары терең уйқыға кеткен «арыслан»ды оятыў екен…
Өзиңиз бир ойлап көриң, кешеги мәжилисте жүз жыллардан берли жаңламаған, қорқыў менен тиллерге шықпаған уллы бир идея – «регион интеграциясы», «регионаллық өзине тәнлик» деген сиясий шақырықлар ортаға тасланды.
– Мәдений тарийхый мийрастың улыўма миллийлигин есапқа алған ҳалда, – деди мәмлекетимиз басшысы өзиниң сөзинде,-халықларымыздың регион келешеги ушын байланыслылығы, тилеклеслиги, улыўмалық жуўапкершиликти түсиниўин күшейтиўге үлкен итибар бериўимиз керек.
«Орайлық Азия тарийхы ҳәм мәденияты: бирден-бир өтмиш ҳәм улыўмалық келешек» халықаралық медиа платформасының тезирек иске қосылыўы бул бағдарда әҳмийетли әмелий қәдем болады деп ойлайман.
Регион халықларының өз-ара бир-бирин түсиниўин ҳәм тилеклеслигин және де беккемлеў мақсетинде регионаллық өзине тәнликти қәлиплестириўдиң әмелий жақларына бағышланған илимий форум өткериўди усыныс етемиз.
Бул силтемедеги «регионаллық өзине тәнлик» деген гәпке тереңирек нәзер салсаңыз, бул сөз мәниси жағынан тек ғана регионның географиялық, сиясий-экономикалық емес, мәдений-идеологиялық тәреплерин де қамтып алғанын көриўиңиз мүмкин. Атап айтқанда, бул узақ жыллық езиўшиликтен соң регионның «жойтылған қәлби» – улыўма кимлиги (идентики)н тиклеў бағдарындағы мәрдана қәдем екенин түсинип аласыз. Әпиўайы ҳәм қарапайым тилде айтқанда, бул регион халықларының «урланған» өзлиги, улыўма миллий мақтанышын тиклеў дегени.
Қазақстанда Президентимизге берилген еки жоқары сыйлық – Қазақстан Республикасының «Алтын Қыран» («Алтын бүркит») ордени ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Ҳүрметли нышаны – Шавкат Мирзиёевтиң регион халықлары, мәмлекетлери арасындағы «музлық»ты ериткени, турмысымызға бабалардан мийрас жалынлы дослық, меҳир-муҳаббатты қайтарғаны менен байланыслы десем алжаспаған боламан, нәзеримде.
Оған мысаллар көп, бирақ кеше Парижде болып өткен Олимпиада ойынлары барысындағы айрықша тәсирлер барлығынан жақсы болды: бул спорт ойыны қоңсы халықлардың қәлбинде бир-бирине муҳаббат пайда болғанын, алдынғы ашыў-аразлардың кеўиллеримизден муз сыяқлы ерип кеткенин дәлилледи.
Бул, сөзсиз, регионда Шавкат Мирзиёев баслаған ҳәм алып барып атырған меҳир ҳәм ҳүрметке толы сиясаттың жарқын үлгиси болып табылады.
***
Усы күнлери кеўиллеримизди нурға толтырған ўақыялардан және бири, әлбетте, Париж Олимпиадасында спортшыларымыздың ерискен жеңиси болып есапланады. Ким не десе, десин, бул ЖЕҢИС Жаңа Өзбекстанның қәлби, мақтанышы, ар-намысына айланды. Итибар бериң, кеше ғана «колониал», «постколониал» деп жоқарыдан қаралатуғын, аты халықаралық орталықларда әпиўайы тил ушында айтып кетилетуғын мәмлекетимиз дүньяға өзиниң ким екенлигин көрсетип ҳәм еслетип қойды.
Спортшы жасларымыз 208 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан жарыста жоқары мәртлик, шеберлик ҳәм күш-ғайрат көрсетип, дүньяда 13-орын, Азияда 4-орын, түркий мусылман ҳәм ҒМДА мәмлекетлери арасында 1-орынды ийеледи. Бир дегенде 3 спортшымыз «еки мәрте олимпиада чемпионы», деген жоқары мақтанышлы атқа миясар болды. Бул таңқаларлық ўақыяны ким өз-өзинен болды, деп айта алады?!
Ҳәзирги ўақытта адамда айрықша екилениў пайда болып, бүгин мәмлекетимиз ерисип атырған жетискенликлер биз усы Ўатанға тийисли екенлигимиз ушын көзимизге өзгеше көринип атырған шығар. Бирақ ол дәрежеде емес. Бүгин мәмлекетимиз ерисип атырған жетискенликлер, Президент Шавкат Мирзиёевтиң дөретиўшилик қүдиретин шеттегилер де көзден қашырмай атыр. Мәселен, дүнья илиминде белгили илимпаз, тарийхшы, этнолог ҳәм антрополог, тарийх илимлериниң докторы, Санкт-Петербургтеги Европа университетиниң Антропология факультетиниң профессоры Сергей Абашин социаллық тармақлардағы бетлеринде өз пикирлерин төмендегише қалдырған:
«2024-жылғы Олимпиада айрықша әҳмийетли ўақыяға айланды. Гендер ҳәм көркем өнер темаларының додаланыўы менен емес, ал, бәринен бурын Орайлық Азия мәмлекетлери әсиресе, 8 алтын медальды қолға киргизип, 13-орынды ийелеген Өзбекстан спортшыларының көрсеткен әжайып нәтийжелери менен есте қалатуғын болды (еслетип өтпекшимен, Олимпиада жетискенликлери менен бир қатарда, өзбек шахматшылары да соңғы жыллары дүнья рейтингинде жоқары орынларды ийелеп келмекте). Спорт тилинде айтқанда, биз Орайлық Азия мәмлекетлери улыўма дүньялық көлемде танылып атырған ҳәм тән алынып атырған әҳмийетли ойыншыларға айланып баратырғанына ҳәм өз субъектлигин түсинип жеткениниң гүўасы болып турмыз. Бул дүньяда ҳәм бурынғы постсовет аймағында ҳақыйқый тарийхый жылжыў болып, еле узақ даўам ететуғын ҳәм әлбетте, тәбийғый процесс болып есапланады».
Әлбетте, азғана сиясий мәденияты бар адам Абашин бул текст арқалы нени билдирип атырғанын жақсы түсинеди. Яғный Өзбекстанның бүгин спортта ерисип атырған жеңислери оның миллий субъектке айланып атырғанын да көрсетеди. Бул, ашығын айтқанда, мәмлекет сиясий-идеялогиялық жақтан еркинлигин беккемледи, енди оған ортада туратуғын басқарыўшының кереги жоқ, дегени болады.
Жуўмақ орнында соны айтпақшыман, усы күнлери турмысымызда жүз берип атырған бул еки қуўанышлы ўақыя бизиң ертеңги күнимиз айдын ҳәм исенимли екенин кепиллейди, Жаңа Өзбекстанның исенимин, оның жигерли Лидери Шавкат Мирзиёевтиң күш-ғайраты бүгилмес ҳәм жолы артқа қайтпас екенин билдирди.
Қудратилла Рафиқов,
сиясаттаныўшы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги