Ҳәзирги күнде қала менен аўылларымызда кең көлемли қурылыс ҳәм дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылмақта.
Бирақ қурылыс процесслеринде қала қурылысына байланыслы нызамшылық талапларына қай дәрежеде итибар қаратылмақта?
Қурылып атырған көп қабатлы турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлериниң сапасы, сейсмикалық жағдайы талапқа жуўап береме?
Қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларда нызамсыз қосымша қабатлар қурылыўы қаншелли орынлы?
Қала қурылысы тараўында көбейип атырған нызамсыз қурылыслардың алдын алыў, қурылыслардың сапасын арттырыў бағдарында қандай илажлар көрилмекте?
Қурылыс тараўында ашық-айдынлықты тәмийинлеўде санластырыў процесинен қай дәрежеде пайдаланылмақта?
Бундай сораўлар күни кеше Олий Мажлис Нызамшылық палатасында Өзбекстан «Адолат» СДП фракциясының басламасы менен болып өткен гезектеги «Ҳүкимет сааты»нда ортаға тасланды.
Онда «Қала қурылысы бойынша миллий стандартлар, заманагөй қурылыс технологиялары, санластырыў процесслери, сондай-ақ, тараўдағы мәмлекетлик қадағалаўды және де күшейтиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳаққында»ғы мәселе бойынша депутатлардың сораўларына қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министри ўазыйпасын атқарыўшы Шерзод Ҳидоятов жуўап берди.
Мәжилисте атап өтилгениндей, пуқараларға қурылып атырған объектлер ҳаққында еркин түрде мәлимлеме алыў, нызамсыз қурылысларды анықлаў, «Сергек пуқара» ҳәм «Ашық қурылыс» миллий мәлимлеме системасы электрон платформалары ҳәм геопорталдан нәтийжели пайдаланыў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.
«Тендер электрон платформасы» қурылыс тараўындағы мәмлекетлик сатып алыўлар өткерилиўинде әҳмийетли орын ийелемекте. Бул платформада жәми 67 мың 887 тендер өткерилген. Оларда жәми 13 мың 811 шөлкем қатнасқан. Бул тендерлердиң жәми баҳасы 41,05 триллион сум болып, 39,01 триллион сумлық шәртанамалар дүзилген.
Халық ўәкиллери сайлаў округлериндеги ушырасыўлар, халық пенен сөйлесиўлерде сайлаўшылар тәрепинен көтерилген әҳмийетли мәселелер бойынша сораўларды ортаға таслады. Атап айтқанда, депутат Наврўз Юсупов жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларды ишимлик суўы менен тәмийинлеў, майыплар ушын арнаўлы жоллар, пандуслар ҳәм лифтлер орнатылыўы бағдарында қандай илажлар көрилип атырғаны менен қызықсынды.
Оған жуўап ретинде Ш.Ҳидоятов ҳәр бир жаңа имаратлар қурылысында, сондай-ақ, бас режелерде халықтың өсиўи, ишимлик суўы, ыссылық тәмийнаты, канализация системалары сыяқлы мәселелер есапқа алынатуғынын атап өтти. Майыплар ушын пандуслар қурылыўы, турақ жайлардың текшелериниң төменирек болыўы, есикли лифтлер орнатылыўы нәзерде тутылған.
Сондай-ақ, депутатлар жаңадан қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларда автомобиль турыў орынларының жетерли емеслигине де итибар қаратты. Министрдиң ўазыйпасын атқарыўшы қурылатуғын көп қабатлы турақ жайлар режесинде ҳәр бир квартира ушын жетерли автомобиль турыў орны болмаса, олардың қурылысына рухсат етилмейтуғынын атап өтти.
Сондай-ақ, «Ҳүкимет сааты»нда қала қурылысына байланыслы нызамшылықты жетилистириў, соның ишинде, Турақ жай кодексине тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў бойынша да усыныслар билдирилди.
Сораў-жуўапларға бай болған «Ҳүкимет сааты»нда депутатлар қала қурылысы ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерине әмел етиў, атап айтқанда, қурылып атырған көп қабатлы турақ жайларда нызамсыз қосымша қабатлар қурыўдың алдын алыў, басқарыў сервис компаниялары ҳәм жеке меншик турақ-жай мүлк ийелери ширкетлериниң жуўапкершилигин арттырыў, турақ жай массивлеринде автомобиль турыў орынларын қурыў бойынша тийисли пикир-усыныслар берди.
Муҳтарама Комилова,
ӨзА