Бир неше жыллардан берли мектеп оқыўшылары арасында өткерилип киятырған «Кеўилли стартлар»  спорт жарысларында алдынғы орынларды ийелеп киятырған Нөкис районының «Ақмаңғыт» командасы Өзбекстан Республикасы көлеминде өткерилген финал басқышында және чемпионлықты қолға киргизди.

9 ҳәм 13-август аралығында пайтахтымыз Нөкис қаласында болып өткен жарыста  елимиздиң барлық ўәлаятларындағы мектеп оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасып, шаққанлық ҳәм епшиллик бойынша өз-ара беллести. 13-август күни болып өткен финал басқышында Қарақалпақстан Республикасынан «Ақмаңғыт» командасы Наманган ўәлаяты командасы менен беллесип, 14/8 есабында жеңимпаз болды.

Оқыўшыларды таярлаўда бир неше жыллардан берли устазлық етип киятырған Нөкис районындағы 1-санлы мектептиң денетәрбиясы пәни муғаллимлери Мақсет Қыдырниязов, Расул Жамалов ҳәм Баҳадыр Палўановтың мийнетлери айрықша екенлигин атап өтиў орынлы.

Бүгин жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими болып өтип, жеңимпаз командалар шөлкемлестириўшилер тәрепинен мүнәсип сыйлықланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги