Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети « Киши санаат зоналары ҳәм жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары исбилерменлерин қоллап-қуўатлаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында » қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Арнаўлы экономикалық, киши санаат, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарының жумыс нәтийжелилигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы 2022-жыл 13-июньдағы ПП-153- санлы пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен 2023-жылдағы ашық сәўбетинде белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыў илажлары ҳаққында »ғы 2023-жыл 4-сентябрьдеги ПҚ-292-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, киши санаат зоналары ҳәм жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң айырым қарарларына төмендегилерди нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи:

киши санаат зоналары қатнасыўшылары ҳәм жаслар ҳәм исбилерменлик зоналары жас исбилерменлик субъектлериниң инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелериниң орынланыўын қабыллаў механизмлери;

инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелерин толық орынлаған киши санаат зоналары қатнасыўшылары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жас исбилерменлик субъектлерине берилген мәмлекетлик көшпес мүлк объектлери ҳәм жер участкаларын меншиклестириў тәртиби;

Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигине киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жайласқан мәмлекетлик мүлк объектлерин меншиклестириў ўәкиллигин бериў.

2024- жыл 1-августтан баслап киши санаат  зоналары қатнасыўшылары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жас исбилерменлик субъектлериниң инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелери орынланғанлығы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм ўәлаятлар ҳәкимликлери жанындағы Киши ҳәм жаслар санаат зоналарын басқарыў бойынша бирден-бир дирекциялар тәрепинен миннетлемелерди орынлаў мүддети тамамланғаннан соң үш ай ишинде қабыл етиледи, әмелге асырыў мүддети 2024-жыл 1-августқа шекем тамамланған жойбарлар буған кирмейди.

2024- жыл 1-октябрге шекем киши санаат зоналары қатнасыўшылары ҳәм жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жас исбилерменлик субъектлериниң инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелериниң  орынланғанлығын ҳәм орынланбағанлығын дизимнен өткерип, олардың есабын жургизиў  бойынша айрықша электрон бағдарлама иске қосылады ҳәм ҳәр шеректе ондағы мағлыўматлар жаңаланып барылады.

Ташкент қаласында жайласқан киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналарында инвестиция ҳәм социаллық миннетлемелериниң  орынланыўын қабыллаў ҳәм мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин меншиклестириў мәселелери бойынша Ҳүкимет комиссиясы дүзиледи.

Комиссияның ўазыйпалары төмендегилерден ибарат болады.

Ташкент қаласында жайласқан киши санаат, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймағындағы жер участкаларын  меншиклестириў мәселелерин қаланың ислеп шығарылып атырған бас режесине муўапық екенлигин үйренген ҳалда көрип шығыў;

киши санаат зоналары қатнасыўшылары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары жас исбилерменлик субъектлериниң инвестициялық  ҳәм социаллық миннетлемелериниң орынланыўын қабыллаў;

инвестициялық ҳәм социаллық миннетлемелерди толық орынлаған қатнасыўшыларға берилген мәмлекетлик көшпес мүлк объектлерин  меншиклестириў ҳаққында қарар қаббылаў.

Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги  киши санаат зоналары, жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зоналары аймағында қала қурылысы жумысы олардың бас режесине муўапық әмелге асырылыўы  ҳәм ажыратылған жер участкаларынан басқа мақсетлерде, соның ишинде, турақ жай имаратларын қурыў ушын пайдаланбаўы үстинен қатаң қадағалаў орнатады.

ӨзА