Президент Шавкат Мирзиёев «Indorama Kokand Fertilizers and Chemicals» акционерлик жәмийетиниң жумысы менен танысты.

Мәмлекетимизде химия санааты жедел раўажланбақта. Кейинги бес жылда бул тараўда өним ислеп шығарыў көлеми дерлик 2 есеге артып, 45 триллион сумға жетти. Атап айтқанда, жаңа қуўатлылықлар есабынан минерал төгинлер ислеп шығарыў көлеми 17 процентке көбейип, жылына 1,4 миллион тоннадан артты. Бунда нәтийжели инвестициялық жойбарлар үлкен орын ийелемекте.

Бурынғы Қоқанд суперфосфат заводы қаржылай саламатландырыў ҳәм диверсификациялаў мақсетинде 2019-жылы Сингапурдың «Indorama Holdings BV» компаниясына инвестициялық миннетлемелер менен сатылған еди. Оның негизинде «Indorama Kokand Fertilizers and Chemicals» кәрханасы шөлкемлестирилди. 70 миллион доллар сырт ел инвестициясы тартылып, өндирис технологиялары модернизацияланды. Испания, АҚШ, Қытай, Ҳиндстан, Түркия, Испания ҳәм Россия мәмлекетлериниң жетекши компанияларынан заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды. Қосымша 150 жумыс орны жаратылды.

2021-жылы модернизация жумысларының биринши басқышы шеңберинде аммонийлескен суперфосфат, суўда тез ериўшең комплексли минерал төгинлер, азот-фосфат-калийли (NPK) минерал төгинлер ислеп шығарыў жолға қойылды. Завод қуўатлылығы жылына 75 мың тоннадан 450 мың тоннаға жеткерилди.

Шийки затлар жергиликли кәрханалардан алып келинеди. Мәселен, фосфорит уны Қызылқумнан, сульфат кислотасы Алмалықтан, аммоний сульфат Шыршықтан, аммиак «Ферғанаазот» ҳәм «Наўайыазот»тан келтириледи. Бул өнимниң өзине түсер баҳасын турақлы сақлаў имканиятын берип атыр.

Және бир әҳмийетли тәрепи, модернизация нәтийжесинде өндириске жумсалатуғын электр энергиясы ҳәм тәбийғый газ қәрежетлерин 35-40 процентке қысқартыўға ерисилген. Буннан тысқары, қоршаған орталықты патасландырмаў ушын тийкарғы өндирис цехларына төрт басқышлы тазалаў үскенелери орнатылған. Бурын тек ғана еки басқышлы болған.

Кәрхана жылына 30 миллион доллар өнимди экспорт етиў қуўатлылығына ийе. Бүгинги күнде ҒМДА, Европа, Африка ҳәм Азияның 16 мәмлекетине минерал төгинлер экспорт етилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы завод бойлап жүрип, өндирис процесин көзден өткерди. Кәрхана ири химия кластерине айланып, тек ғана экономикалық емес, ал социаллық үлги болыўы керек екени атап өтилди. Завод хызметкерлери ушын заманагөй турақ жайлар қурыў, келешекте мектеп ҳәм емлеўхана жойбарларын да нәзерде тутыў бойынша пикир алысты.

Кәрхана избе-из раўажланбақта ҳәм кейинги басқышлар бойынша да жумыс алып барылмақта. Екинши басқыш шеңберинде 50 миллион доллар инвестиция өзлестирилди. Швейцария, Германия, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Италиядан заманагөй технологиялық үскенелер алып келинип орнатылды. Бул басқышта жылына 24 миллион доллар муғдарында калий сульфат, сульфат кислотасы ҳәм аммоний-хлорид төгинлери ислеп шығарылады. 120 жаңа жумыс орны жаратылады.

Үшинши басқыш жумыслары 2025-2028-жыллары әмелге асырылады. Онда моно ҳәм дикальций фосфат, калий-нитрат, азот-фосфор-калийли комплексли минерал төгин, кальций хлорид, моно аммоний фосфат, моно калий фосфат ислеп шығарыў жолға қойылады. Жойбардың баҳасы – 100 миллион доллар. 235 жумыс орны жаратылады.

ӨзА