Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (АИИБ) 2015-жылы шөлкемлестирилген ҳәм бас резиденциясы Пекинде жайласқан. Азия континентинде заманагөй ҳәм исенимли инфраструктураны қәлиплестириўге жәрдемлесетуғын бул шөлкемниӊ тийкарғы жумыс бағдары социаллық-экологиялық раўажланыўды хошаметлеўге қаратылған. Банк дүньяныӊ түрли мәмлекетлеринде инвестиция жойбарларын қаржыландырыўда жедел қатнаспақта.
Мәмлекетимиз 2016-жылдыӊ ноябрь айында банкти шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим шеӊберинде ишки тәртип-қағыйдаларды орынлады ҳәм усы халықаралық қаржы институтыныӊ теӊ ҳуқықлы ағзасы болды.
Азия инфраструктуралық инвестициялар банки вице-президенти Константин Лимитовский менен сәўбетимиз АИИБныӊ мәмлекетимиздеги жумысы, атап айтқанда, банк тәрепинен қаржыландырылған әмелдеги ҳәм келешектеги жойбарлар, Самарқандта 2024-жылдыӊ 25-26-сентябрь күнлери болып өткетуғын банктиӊ 9-жыллық мәжилисине бағшыланды.
– Не ушын банк раўажландырыўдыӊ тийкарғы бағдары сыпатында инфраструктураға айрықша итибар қаратады?
– Банктиӊ ўазыйпасы қарыйдарларға экологиялық, социаллық ҳәм экономикалық зәрүрликти тәмийинлеў менен бирге, технологиялық инновациялар менен ертеӊги күн ушын инфраструктураны қурыўға имканият бериў болып табылады, дейди К.Лимитовский. – Инфраструктура ҳәм басқа өндирис тармақларына бағдарланған инвестицияларымыз турақлы экономиканы тәмийинлеў ҳәм инфраструктура байланысларын жақсылаўға қаратылған. АИИБ сыпатында биз өзимизди еки тийкарғы бағдарда көремиз. Бириншиси, бизиӊ көзқарасларымыз ҳәм i4t қаржыландырыў мандатына итибар қаратыў, турақлы инфраструктураны жаратыў, ағзаларымыз келешектеги кризислерге жақсырақ қарсы турыўы ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиўи болса, екиншиси, ағзаларымызды қурамалы ҳәм АИИБ мандатына муўапық алдыннан айтып болмайтуғын макроэкономикалық шараятта қоллап-қуўатлаў ушын антициклик қаржыландырыўды тәмийинлеў болып табылады.
Ҳәриги ўақытта Өзбекстан ҳүкимети менен биргеликте ислеп шығылып атырған жойбарларымыз бар. Быйыл Самарқандта болып өтетуғын жыллық ушырасыўда оларды жәриялаймыз.
– Өзбекстан өз пуқараларыныӊ социаллық абаданлығын арттырыў ушын сырт ел инвестицияларын тартып, жедел раўажланбақта. АИИБныӊ ертеӊги күн инфраструктурасын қаржыландырыў миссиясы Өзбекстанныӊ әҳмийетли бағдарларына оғада сәйкес келеди. Өзбекстанда экномикалық турақлылықты тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаўда АИИБ орны қандай?
–Биз 2016-жылдан берли Өзбекстанда өтиў процесин толық қоллап-қуўатлаймыз. Бизиӊ бирге ислесиўимиз жедел раўажланбақта. АИИБныӊ Өзбекстандағы тастыйықланған операциялары 3,1 миллиард АҚШ долларынан артты. 2024-жылы январь айында биз Пекиндеги АИИБ штаб-квартирасында Президент Шавкат Мирзиёев пенен ушырасыўға мияссар болдық. Бул сапар етиў Өзбекстан ҳәм АИИБ арасындағы бирге ислесиў мәселесинде әҳмийетли басқыш болды. Ушырасыў даўамында 2,6 миллиард АҚШ доллары муғдарындағы үш жыллық инвестиция бағдарламасына қол қойылды. Инвестиция бағдарламасы Өзбекстан Республикасы ҳүкиметиниӊ климат өзгериўине қарсы гүресиў, энергетикалық өтиўге жәрдемлесиў, мәмлекет транспорты ҳәм электр узатыў тармақларын жетилистириў, сондай-ақ, санлы инфраструктруаныӊ исенимли тармағын раўажландырыў бойынша әҳмийетли жойбарларды қамтып алған.
АИИБ Өзбекстанда әмелге асырып атырған бир қатар жойбарларды атап өтпекшимен. Биз Самарқанд, Жиззақ ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында 897 МВт қуўатлыққа ийе Орайлық Азиядағы еӊ ири қуяш энергиясы жойбарын қаржыландырдық. Сондай-ақ, бизиӊ портфелимизде аўыл жоллары ҳәм темир жолларды қурыў ҳәм жақсылаў бойынша төрт жойбар бар. Олардыӊ улыўмалық инвестициясы 626 миллион АҚШ долларын қурайды.
– Суў жетиспеўшилиги Өзбекстан ушын да әҳмийетли мәселе. АИИБныӊ Өзбекстан суў секторына инвестициялар киргизиўи бойынша мағлыўмат берсеӊиз?
– БМШтыӊ SDG есабатына бола, Өзбекстанныӊ таза суўдан пайдаланыўы бар қайта тикленетуғын таза суў ресурсларынан жоқары болып, бул оғада әҳмийетли суў тәсиринен дәрек береди ҳәм климат өзгериўи менен суў басымы және де артыўы күтилмекте.
АИИБ әҳмийетли суў-энергетика машқалаларын шешиўде Өзбекстанды жедел қоллап-қуўатламақта. Шөлкемимиз елиӊизде усы бағдардағы жумысымыздыӊ әжайып үлгиси болған бир неше жойбарларды әмелге асырды.
АИИБ Бухарада суў тәмийнаты ҳәм канализация хызметлеринен пайдаланыўды комплексли кеӊейтиў ҳәм хызметлердиӊ сапасын арттырыўда қатнаспақта. Улыўма алғанда, АИИБ Бухара суў жойбарыныӊ биринши ҳәм екинши басқышларына 630 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизди. Бул жойбар Бухара ўәлаяты суў ресурсларын дурыс басқарыў ушын зәрүр инфраструктура менен тәмийинлейди.
Бухарадағы жойбарлардан тысқары, АИИБ Өзбекстанныӊ басқа жети регионында суў тәмийнаты ҳәм канализациядан пайдаланыў имканиятларын кеӊейтиўди қоллап-қуўатлайды. Усы киши жойбарлар аўыл инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм орта қала инфраструктурасын раўажландырыў бойынша ири жойбарлардыӊ бир бөлеги. Буннан тысқары, АИИБ Хорезм ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ушын 412 миллион АҚШ доллары муғдарындағы суў тәмийнаты жойбарына инвестиция киргизеди.
–Банктиӊ дүньяда 109 ағзасы бар. Жыллық мәжилис ушын әйне Өзбекстан сайланғаныныӊ себеби неде?
–Ҳақыйқатында да бйылғы жылдыӊ сентябрь айында АИИБ Самарқандта жыллық мәжилисин өткереди. Өзбекстан бизиӊ еӊ әҳмийетли ағзаларымыздан бири болып есапланады. Бул жерде биз қаржыландырып атырған яки қаржыландырыўды режелестирип атырған жойбарлардыӊ оғада үлкен портфелине ийемиз. Жыллық ушырасыўларымызда биз соӊғы бир неше жыл даўамында әмелге асырып атырған жойбарларымыздыӊ нәтийжелерин көрсетиўге айрықша итибар қаратамыз. Бул бағдарда Өзбекстан тийкарғы бирге ислесиўшимиз. Ҳәзирги ўақытта 15 жойбар бар, олардыӊ айырымлары әмелге асырылмақта.
Өзбекстан ҳәм улыўма регион менен бирге ислесиўди даўам етиўден миннетдармыз. Самарқандтағы жыллық мәжилис АИИБ тарийхындағы еӊ жақсыларынан бири болатуғынына исенемиз.
Насиба Зиёдуллаева, ӨзА