Чехияның Прага қаласында жеңил атлетика бойынша «Жосеф Одлозил Мемориал» халықаралық турнири болып өтпекте.
Европаның бир қатар мәмлекетлеринде өткерилип атырған жарысларда өзиниң тәжирийбесин арттырып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Анвар Анваров Пүткил жер жүзилик жеңил атлетика федерациясының қола дәрежесиндеги бул стартта гүмис медальды қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, узынлыққа секириў бағдарламасында Анваров 7,92 метр нәтийже көрсетти.
Ал, биринши орынды болса, чехиялы Петр Мейндльшмид ҳәм Қубла Африка Республикасынан Русвал Самааилер ийелеўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы