Бүгинги күни Европадағы бир қатар сайланды командалар футбол бойынша өткерилетуғын Евро-2024 турнирине қызғын таярлықлар көрмекте.

Атап айтқанда, кеше ФИФА күни шеңберинде майдан ийелери есапланған Германия сайланды командасы  ва Евро-2024 тиң және бир қатнасыўшысы Украина сайланды командасы менен өз-ара дослық ушырасыўын өткерди.

Елимиз футбол жанкүйерлери ушын әҳмийетли тәрепи сонда, Германия сайланды командасы қурамында бул ойында Ташкент ўәлаятының Алмалық қаласында туўылған Антон Валдемар да майданға түсти ҳәм майданда толық 90 минут ҳәрекет етти.

Қызықлы өткен ойын 0:0 есабы менен жуўмақланды.

Ал, турнир фаворитлеринен есапланған Англия болса, Босния- Герцеговина сайланды командасы менен дослық ойынын өткерип, өз қарсыласларын  3:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы