Франция сайланды командасы ҳәм «ПСЖ» клубының ҳүжимшиси Килиан Мбаппе Мадридтиң «Реал» клубына өтти. Бул ҳаққында клуб сайты мәлим етти.
Мбаппе «Реал» менен 5 жыллық шәртнама дүзди ҳәм футболшыны таныстырыў мәресими Евро—2024 турниринен соң болып өтеди.
Мағлыўматларға қарағанда, Килиан «Реал» қурамында 9-номерде орайлық ҳүжимши сыпатында ҳәрекет етеди ҳәм 2025-жылы Лука Модрич клубты тәрк еткеннен соң Мбаппеге 10-номер бериледи.
Соны айтып өтиўимиз керек, Килиан 2017-жылдан бери Париж клубы қурамында ойнап киятырған еди. Усы өткен жыллар ишинде ол қарсыласлары дәрўазасына 256 гол урып, клуб тарийхындағы ең жақсы ҳүжимшиге айланды.
Сондай-ақ, ол «ПСЖ» менен биргеликте 6 мәрте Франция чемпионлығын, 4 рет Франция кубогин, 3 мәрте Франция суперкубогин, 2 мәрте Лига кубогин жеңип алыўға миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы