Елимизде соңғы жыллары балалар спортын раўажландырыўға айрықша дыққат қаратылып, бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, бул бойынша Президентимиздиң басламасы тийкарында «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилип атырған спорт жарыслары әҳмийетли орын тутпақта.

Мәмлекетимиздиң басқа аймақларында болғаны сыяқлы, Тахтакөпир районында спорттың футбол ҳәм киши футбол түри бойынша ер балалар ҳәм қызлар арасында «Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубоги» жарысы болып өтип, онда жеңимпаз командалар анықланған еди.

1-июнь-халықаралық балаларды қорғаў күни  алдында усы жарыста жеңимпаз болған командаларды мүнәсип түрде сыйлықлаў мәресими болып өтти.

Илажға район ҳәкими Ж.Адилов, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети районлық бөлиминиң жуўапкер хызметкерлери, сектор басшылары ҳәм спортшы-жаслар қатнасты.

Сыйлықлаў кешесинде сөзге шыққанлар жеңимпаз командаларды қутлықлап, бул илажлар аймақлардағы жаслардың саламатлығын беккемлеў ҳәм оларды ғалаба түрде спортқа қамтыў мақсетинде өткерилип атырғанлығын атап өтти ҳәм ең күшли деп табылған командалар мүнәсип сыйлықланды.

Илаж районлық Мәденият бөлими ҳәм республикамызға белгили эстрада қосықшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги