Қулпынай – шығыўы интизарлық пенен күтилетуғын мийўелердиң бири.  Бүгин биз 7 жастан 70 жасқа шекемги инсанлар сүйип жейтуғын қулпынай туўралы, оның пайдалы ҳәм зыянлы тәреплерин билип аламыз.

Бул мийўени басқа аўқатлар менен араластырып жеўге болмайды. Ким болса да өзиниң иммунитетин күшейтиўди қәлесе, әлбетте, оған қулпынай жәрдем бере алады. Және олар аз калориялы мийўе болып есапланады.

Қулпынайдың косметика тараўында пайдалылығы көп ўақытлар бурын да айтылған. Жаңа үзип алынған қулпынай ямаса оның шербети айырым косметикалық қуралларға қарағанда жақсырақ тәсир етеди. Теридеги жыйрықларды жоғалтыўға жәрдем береди. Оннан бет ушын ислететуғын нықапларды үй шәраятында таярлап алса болады.

Қулпынай хәммеге теңдей пайдалы бола бермейди. Асқазан ишек жолларында кеселлиги бар инсанлар ушын зыянлы мийўе есапланады. Ол айырым адамларда аллергияны қозғаўы мүмкин. Қан басымы жоқары инсанларға да қулпынай усыныс етилмейди.

Соны ядта тутыў керек, қулпынайды муғдарынан көп жеў инсан организми ушын зыянлы. Бир күнде көби менен ярым килограммға шекем қулпынайды жеў мақсетке муўапық.

Қулпынайлар тез айныйды. Жүдә көп муғдарда сатып алыў усыныс етилмейди.

Шыпакерлердиң айтыўына қарағанда, өз мәўсиминде пайда болмаған мийўелердиң зыяны көплеў болады екен. Әсиресе, қыста пайда болатуғын қулпынайлардың мазасы сизди жетерли дәреже қуўантпайды.

Әлбетте, 7 жастан киши балаларға қулпынайды бериў усыныс етилмейди. Кешписер қулпынайды бериўге болады, бирақ күнине муғдары 100 граммнан аспаўы керек.

Улыўма айтқанда, биз сүйип жейтуғын қулпынайлардың пайдасы менен бирге зияны да тең жүреди. Сонлықтан, өз денсаўлығыңызға итибарлы болыўға шақырамыз.

Мағлыўматлар интернет материалларынан алынды.

Таярлаған:  Әзиза Өмирбаева,

ҚМУ журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенти,

                                                Қарақалпақстан хабар агентлиги