Ветеран, әскер ҳәм жаслар пикир алысты

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлерине қараслы әскерий бөлимлердиң биринде «Үш әўлад ушырасыўы» өткерилди.
Баслы мақсет – өсип киятырған жас әўладты бәркамал инсан сыпатында кәмалға келтириў, оларда ўатанға садықлық ҳәм муҳаббат сезимин қәлиплестириў болып есапланады.
Илажға шегара алды аймақларда жайласқан улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшылары, муғаллимлери, шегара әскерлери бөлимлериниң мүддетли әскерий хызметкерлери ҳәм МҚХ шегара әскерлери ветеранлары қатнасты.
Подполковник Ж.Санақулов тәрепинен әскерий хызметкерлер ҳәм мектеп оқыўшыларына Қураллы Күшлеримизде әмелге асырылып атырған реформалар, әскерий хызметкерлерге жаратылып атырған шараятлар ҳаққында түсиниклер берилди.
Ушырасыў даўамында ветеранлар илаж қатнасыўшыларына хызметтеги ҳәм турмысындағы әскерий хызметке байланыслы қызықлы ўақыялардан айтып берип, өзлериниң бай тәжирийбелери менен ортақласты.


Илаж даўамында тараў ветаранлары менен биргеликте жаңадан шөлкемлестирилген шегараны қорғаў взводына экскурсия шөлкемлестирилип, олар бөлимдеги қурал-жарақ ҳәм әскерий техникалар менен танысты.
Қатнасыўшылар әскерий бөлимде жаратылған шараятларды көрип, пикир алысты. Жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги