Арал теңизиниң ултанында әмелге асырылып атырған «жасыл» жойбарлар АҚШ ғалаба хабар қураллары нәзеринде

АҚШтағы «Мongabay» веб-сайтында Өзбекстан ҳүкимети тәрепинен Арал теңизиниң қурыған ултанында әмелге асырылып атырған «жасыл» жойбарларға бағышланған мақала жайластырылды, деп хабар бермекте «Дунё» МА хабаршысы.
Мақалада автор оқыўшыларды Арал теңизиниң кризиси ҳәм Өзбекстан ҳүкиметиниң усы экологиялық апатшылықтың зыянлы тәсирин жумсартыў бағдарындағы ҳәрекетлери менен таныстырған.
«Бир ўақытлары Өзбекстан ҳәм Қазақстан ушын әҳмийетли суў дәреги болған Арал теңизи бүгин пүткиллей шегинди, оның орнына Арал қум пайда болды. Оннан көтерилип атырған зыянлы дуз ҳәм шаң болса жергиликли халықтың денсаўлығы ҳәм аўыл хожалығында айрықша машқалаларды келтирип шығармақта», – делинеди басылымда.
Буған жуўап тәризинде Өзбекстан ҳүкимети Арал теңизиниң қурыған ултанында усы күнге шекем 1,7 миллион гектар майданда тоғайзарлар жаратты. 2024-жылы болса және 200 мың гектар майданда жаңа тоғайзарлар жаратыў режелестирилген. Жойбардың тийкарғы мақсети қум боранларын азайтыў, жергиликли экосистеманы жақсылаў ҳәм сексеўил ҳәм басқа да шөл түрлери сыяқлы қурғақшылыққа шыдамлы өсимликлер егиўден ибарат.
Усы тәризде, эрозияны әсте-ақырынлық пенен, атмосферадағы қум ҳәм дуз муғдарын азайтыў арқалы ҳаўаның сапасын жақсылаў, жергиликли халықтың түрли кеселликлерге шатылыўының алды алынбақта.
Атап өтилиўинше, тоғайларды жаратыў жойбары жергиликли халық ушын да жаңа экономикалық имканиятларды жаратпақта.
Автор, «Өзбекстандағы бул жойбар экологиялық кризислерге қарсы гүресиў ҳәм жергиликли халықтың турмыс шараятын жақсылаў ушын тәбиятқа тийкарланған шешимлерден пайдаланыў әҳмийетли екенин көрсеттти. Ресурслардан инновациялық пайдаланыў әҳмийетли экологиялық ҳәм социаллық абаданлықты тәмийинлеўге хызмет етеди», – деп жазған мақала жуўмағында.
Қарақалпақстан хабар агентлиги