Ҳәпте даўамында ҳаўа ысып барады

252

Июнь айының биринши жумыс ҳәптеси даўамында Өзбекстан бойынша қурғақ ҳаўа-райы болыўы күтилмекте. Бул ҳаққында Өзгидромет хабар берди.

Тек айырым таўалды ҳәм таўлы аймақларда, сондай-ақ, 4−5 июнь күнлери Ферғана ойпатлығы ўәлаятларының айырым жерлеринде тезлиги төмен болған гүлдирмамалы қысқа мүддетли жаўын жаўыўы мүмкин.
Усы күнлерде республика аймағының үлкен бөлегинде қолайлы температура фоны сақланып турады, ҳәптениң биринши ярымында температура 29−32 дәреже, ҳәптениң екинши ярымында 32−35 дәреже ыссы болады. Тек қублада ҳәм шөл аймақларда температура күндизги күнлери 36−39 дәрежеге шекем көтериледи.

Самал 7−12 м/с тезликте еседи, 3−5 июньда республика бойынша айырым жерлерде 13−18 м/с ға шекем күшейиўи, айырым жерлерде шаң-тозаңлар менен бақланыўы мүмкин.

Пайтахтта ҳаўа бираз бултлы, ўақты-ўақты менен өзгериўшең болады. Самал шығыстан бираздан орташа тезликке шекем еседи. Температура 3−5 июньда 30−33 дәреже, 6−7 июньда 32−35 дәреже ыссы болады. Температура тийкарынан кешки пайытта 18−21 дәреже ыссы болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги