Педагоглар Министр кубоги ушын беллести

Нөкис қаласында республикамыздағы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлимлери, Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы басшылары ҳәм хызметкерлериниң қатнасыўында волейбол бойынша Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң кубоги ушын жарыс болып өтти.
Қызғын түрде болып өткен беллесиўлер жуўмағында, ерлер арасында биринши орынды Тахтакөпир районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими командасы, екинши орынды Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы ҳәм сыйлы үшинши орынды Нөкис районлық Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими командалары ийелеўге миясар болды.
Ҳаял-қызлар арасында өткерилген жарыс жуўмағында да, тахтакөпирли муғаллимлер биринши орынды ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри кубогиниң жеңимпазына айланды.

Ал, екинши ҳәм үшинши орынлар болса, Мойнақ ҳәм Нөкис районлары командаларына несип етти.
Беллесиўлер соңында жеңимпаз командаларға Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Гүлистан Кожабаева тәрепинен арнаўлы кубок, диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы