Египетте  Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлердиң дистрибюторлық орайы ҳәм саўда үйи ашылады

227

Өзбекстан Саўда санаат палатасы ҳәм Египеттиң «Ал-Наср экспорт-импорт» компаниясы ўәкиллери арасында онлайн ушырасыў болып өтти.

Өзбекстан елшиханасының мағлыўматына бола,  ушырасыў ўақтында Египетте өзбек компаниялары өнимлериниң дистрибюторлық орайы ҳәм саўда үйин ашыў бойынша келисимге қол қойылды, деп хабар береди xs.uz сайты.

Бул келисимге Өзбекстан Саўда санаат палатасы ҳәм Египеттиң «Ал-Наср экспорт-импорт » компаниясы басшылары тәрепинен қол қойылды.

Келисим Өзбекстан ҳәм Египет арасындағы саўда-экономикалық байланысларды және де беккемлеў ҳәм исбилерменлердиң бирге ислесиўин кеңейтиўге хызмет етеди.

Сондай-ақ, сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Египет арасында өзбек товарлары ушын бир яки бир неше саўда үйлерин ашыў, Египетте ҳәр еки тәреп ушын мақул болатуғын шәртлерде дистрибюторлық орайы ҳәм өндирислик кооперациясын шөлкемлестириў арқалы өз-ара саўданы раўажландырыў бойынша келисип алынды.

Буннан тысқары, тәреплер арасында усы келисимди жедел алға қойыў бойынша жумысшы топар дүзилди.

Бул саўда ҳәм дистрибюторлық орайлары арқалы Европа, Жақын Шығыс ҳәм Африка мәмлекетлерине мәмлекетимизде ислеп шығарылған өнимлерди экспорт етиў режелестирилип атырғанын атап өтиўимиз керек.

Онлайн сөйлесиўлер жуўмағында, Өзбектсан Саўда санаат палатасы делегациясының Египетке сапарын шөлкемслестириў ҳәм Порт Саид еркин экономикалық аймағында мәмлекетимиз компаниялары ушын өз алдына орай аймақ бойынша келисип алынды.

                                                                      Қарақалпақстан хабар агентлиги