Қубла Корея ҳәм Орайлық Азия экспертлери әҳмийетли мәселелерди додалады

Орайлық Азия халықаралық институтында Бас хаткер Сунг-Хун Чже басшылығындағы Қубла Корея – Орайлық Азия бирге ислесиўи бойынша экспертлер форумының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.
Илажда Корея тәрепинен Ханкук шет тиллер университети (HUFS) Орайлық Азия изертлеўлери кафедрасының баслығы Ли Жи Ёнг, Халықаралық экономикалық сиясат институты (KIEP) эксперти Пак Чунг Хо, Миллий бирлесиў институты (KINU) ўәкили Хюн Сеунг Су ҳәм басқалар қатнасты.

Сөйлесиў ўақтында Қубла Корея ҳүкимети топарлары тийкарғы бағдарларда Орайлық Азия мәмлекетлери менен шерикликти беккемлеўден мәпдар екени атап өтилди.
Делегация баслығы Сунг-Хун Чже атап өткениндей, «бул сырт елли қәнигелер Кореяның түрли таллаў орайларының ўәкили болыўына қарамастан, регионымыз бенен бирге ислесиўди раўажландырыў мақсетинде бирлести».

Сунг-Хун Чже Қубла Корея ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери арасындағы қатнасықтың анық, әмелий имканиятын додалаў, перспективасын анықлаў мақсетинде нәтийжели сөйлесиўди даўам еттириў зәрүр екенин айрықша атап өтти.
Тәреплер «Орайлық Азия – Корея Республикасы» форматындағы бирге ислесиў күн тәртиби бойынша жаңа усыныслар ислеп шығыў мақсетинде Қубла Корея ҳәм Орайлық Азия экспертлери форумын шөлкемлестириў мәселесин де додалады.

Жуўмағында илимий-изертлеў шөлкемлери ҳәм таллаў орайлары арасында тийкарғы бағдарлар бойынша биргеликтеги ҳәрекетлер көлемин кеңейтиўге келисип алынды.
Еслетип өтемиз, Корея Республикасы ҳәм Орайлық Азия бирге ислесиў мәселелерин үйрениў мақсетинде Ханкук сыртқы изертлеўлер университети жанындағы Евроазия изертлеўлер орайында Қубла Корея – Орайлық Азия бирге ислесиўи бойынша экспертлер форумы шөлкемлестирилген.

Ғ.Хонназаров, ӨзА