Балалар арасында жарыс шөлкемлестирилди

189

Бүгинги күнде Президентимиздиң басшылығында ертеңги күнимиздиң даўамшылары болған балаларымызды ҳәр тәреплеме жетик, бәркамал инсан етип тәрбиялаў, олардың денсаўлығы ҳәм жоқары билимли болып жетилисиўи ушын бир қатар илажлар әмелге асырылмақта.

Олардың арасында шөлкемлестирилип атырған ҳәр қыйлы интеллектуаллық ойынлар, жарысларды солардың қатарында атап өтиўимизге болады.

Арқа-Батыс әскерий округиниң шөлкемлестириўинде 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни мүнәсибети менен Нөкис қаласында жайласқан әскерий бөлимлердиң биринде байрам илажы шөлкемлестирилди.

Онда шегараларымыздың тынышлығын қорғап атырған әскерий хызметкерлердиң перзентлери арасында «Азат елдиң бахтияр балалары!» сүрени астында шахмат, шашка, сүўрет салыў бойынша жарыслар өткерилди.

Ата-аналар ушын балаларының жетискенликлерин көриўдей қуўаныш үлкен заўық бағышлайды, әлбетте. Жарыс даўамында кишкене балалардың салған сүўретлеринде ўатанымыз тәбиятының гөззаллығы, әскерий хызметкерлеримиздиң хызметин өтеў даўамындағы көринислери ҳәм басқа да темалар сәўлеленген сүўретлер басым көпшилигин қурады. Шахмат, шашка бойынша өткерилген жарыс та қызғын беллесиўлерге бай болды.

Илаж көтериңкилик руўхта өткерилип, балаларға әскерий бөлим командири атынан диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги