Республикамыздағы “Бәркамал әўлад” балалар мектеплеринде шөлкемлестирилген дөгерек ағзаларыныӊ арасында “Бәркамал әўлад балалары” фестивалы болып өтти.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Мәденият министрлиги, Өзбекстан Көркем өнер академиясы Қарақалпақстан бөлими, “Өнермент” бирлеспеси менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Илаждан гөзленген мақсет, оқыўшылардыӊ бос ўақытларын мазмунлы өткериў, олардыӊ санасында мийнет сүйгишликти, кәсипке таярлықтыӊ дәслепки оқыў ҳәм көнликпелерин сиӊдириў, оқыўшылар арасында қәбилетлилерин анықлаў ҳәм оларды хошаметлеўден ибарат.

Илаждыӊ ашылыў салтанатында Өзбекстан Республикасы “Бәркамал әўлад” балалар мектебиниӊ директоры Д.Уралов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Қожабаева сөзге шығып, Президентимиздиӊ 2019-жыл 30-сентябрьдеги “Халық билимлендириў системасындағы мектептен тысқары билимлендириўдиӊ нәтийжелилигин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында”ғы қарарыныӊ орынланыўын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған кеӊ көлемли жумысларға тоқтап өтти. Бул қарар мектептен тысқары билимлендириўдиӊ нәтийжелилигин арттырыў, оқыўшы-жасларда жоқары руўхыйлық пазыйлетлерин қәлиплестириў, олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, кәсип-өнерге бағдарлаў арқалы еркин турмысқа таярлаў, интеллектуал бәркамал әўладты тәрбиялаўға хызмет етпекте.

Илажда атап өтилгениндей, жас және бәркамал әўлад жаӊа дәўир ҳәм жаӊа Өзбекстанныӊ еӊ үлкен байлығы, бийбаҳа ғәзийнеси, келешегимиз ҳәм ғәрезсизлигимиздиӊ тырнағы есапланады. Соныӊ ушын бүгинги күни Президентимиздиӊ басламасы менен мәмлекетимизде мектептен тысқары билимлендириў системасын раўажландырыў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта. Бул жумыслардыӊ даўамы сыпатында оқыўшылардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў, балалардыӊ дөгереклерге қызығыўшылық дәрежесин үйренип барыў, дөгереклерди раўажландырыўға қаратылған жойбар ҳәм таӊлаўларды шөлкемлестириў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы “Бәркамал әўлад” балалар мектеби тәрепинен жыл даўамында мәмлекетимиздеги барлық  “Бәркамал әўлад” балалар мектеплеринде реже-кесте тийкарында  фестиваль өткерилмекте.

Республикамызда өткерилген гезектеги илаж “Мәденият ҳәм көркем өнер”  (Сүўретлеў өнери ҳәм кийим), “Техникалық конструкторлық ҳәм моделлестириў” (робототехника ҳәм конструкторлық), физикалық тәрбия ҳәм спорт (шахмат ва шашка), “Өнерментшилик ҳәм қол мийнети” (миллий кестешилик), “Туризм ва экология” (ландшафт), Жоқары оқыў орынлары ҳәм мектепке таярлаў” (ментал арифметика), “Шет тиллар” (инглиз тили) бағдарлары бойынша өткерилип, оларда 15 мыӊнан зыят оқыўшы жас қатнасты.

Фестиваль шеӊберинде барлық Бәркамал әўлад” балалар мектеплеринде “Бәркамал әўлад” ҳәптелеги өткерилди. Онда дөретиўшилик ушырасыўлар, билимлендириў мәкемелеринде үгит-нәсият жумыслары, оқыў-семинарлары, көргизбе-ярмаркалар, экосейиллер, концерт бағдарламалары шөлкемлестирилди.

Фестиваль-таӊлаў жуўмағында барлық бағдарлар бойынша биринши, екинши ҳәм үшинши орынларды ийелеген оқыўшылар арнаўлы диплом, баҳалы саўға ҳәм  статуэткалар менен сыйлықланды. Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери ҳәм қәбилетли жаслардыӊ атқарыўындағы  концерт бағдарламасы қойып берилди.

Келеси “Бәркамал әўлад балалары” фестивалы май айында Әндижан ўәлаятында болып өтеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги