Уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының туўылғанына 200 жыл толыўына арналған илажлар даўам етпекте.

Президентимиздиң басламасы менен халқымыздың сүйикли шайыры Әжинияздың 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде халықаралық көлемде белгиленетуғын юбилейлер қатарына киргизилип, оны көтериңки руўхта өткериў бойынша өткерилген мәжилислерде ҳәм конференцияларда бир қатар ўазыйпалар белгиленген еди.

Соның ишинде, шайырдың мақбарасы ҳәм қәбири жайласқан жерлерди абаданластырыў жумыслары да бар.

Қоңырат – Мойнақ жолының шеп тәрепиниң 4Р-173 автомобиль жолының 51-километринде уллы сөз зергери Әжинияз Қосыбай улының мақбарасы бар. Ал, жолдың оң тәрепинде Әжинияз шайырдың ҳақыйқый қәбири жайласқан. Алдын бул қәбирге баратуғын жол от-шөплер менен толып, борпаң топырақтан ибарат еди.

Мойнақ районы ҳәкимлигиниң басламасы менен быйыл шайырдың туўылғанына 200 жыл толыўы мүнәсибети менен Мойнақ районы Жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми ҳәм Абаданластырыў басқармасы менен биргеликте Әжинияз Қосыбай улының ҳақыйқый қәбирине баратуғын жол ашылды.

Енди зыяратшылар шайыр бабамыздың руўхына қуран оқып, Қоңырат – Мойнақ жолы 4Р-173 автомобиль жолының 51-километриниң оң тәрепиндеги тереклер аллеясы жолына түссе, Әжинияз Қосыбай улының ҳақыйқый қәбирине жетип бара алады.

Бул жердеги абаданластырыў жумыслары даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги