Мәмлекетимиз инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Юта штаты Сенаты президенти Стюарт Aдамс ҳәм “The Stirling Foundation” жетекшиси Милес Хансен басшылығындағы делегация менен ушырасты.

Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди беккемлеў мәселесин додалады, Америка компанияларыныӊ Өзбекстандағы жойбарларда қатнасыў перспективасы, сондай-ақ, аўыл хожалығы, туризм, таў-кән санааты, энергетика, мәлимлеме технологиялары, қаржы секторы сыяқлы тараўларда шерикликти күшейтиў усылларын көрип шықты.

Ушырасыў жуўмағында Америка компанияларын Өзбекстан базарына жедел тартыў бойынша биргеликтеги  илажларды көриўге келисип алынды.

Қор президенти М.Хансен 2023-жыл декабрь айында Өзбекстанға келип, мектеплерди компьютер менен тәмийинлеў, инглиз тилиниӊ оқытылыўын шөлкемлестириў, майыплы болғанлар ушын арнаўлы мектеплерди қоллап-қуўатлаў сыяқлы социаллық бағдарланған жойбарларды қаржыландырыўға қызығыўшылық билдирген.

ӨзА