Бул баслама Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронныӊ 2023-жыл ноябрь айында Өзбекстанға сапары барысында мәмлекет басшылары тәрепинен билдирилген еди.

Франция-Өзбекстан экономикалық палатасы 50 ден аслам француз компаниясы менен исбилерменлерин ҳәм олардыӊ өзбекстанлы бирге ислесиўшилерин бирлестиреди.

Еки мәмлекет уйымлары менен қатнасықты беккемлеп барады, исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша усыныс береди, исбилерменлердиӊ мәплерин белсене қорғайды.

Палатаныӊ ашылыў мәресиминде француз компанияларыныӊ мәмлекетимизде аўыл хожалығы, туризм, таў-кән санааты, энергетика сыяқлы әҳмийетли бағдарлардағы жумысын раўажландырыў перспективасы додаланды.

Өз-ара пайдалы жойбарларды әмелге асырыўда еки тәреп исбилерменлерин қоллап-қуўатлаўға таярлық билдирилди.

Илаж шеӊберинде Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм “Өзбекстан-Франция” экономикалық палатасы президенти Жоан Гола Бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумға қол қойды. Ҳүжжетте әҳмийетли бағдарлар шеӊберинде қатнасықларды және де раўажландырыўдыӊ анық механизми белгиленген.

Г.Сатторова, ӨзА