Ташкентте «Нәтийжели басқарыў – Өзбекстанда мәмлекетлик басқарыў потенциалын қоллап-қуўатлаў» жойбары ҳәм «Стратегиялық режелестириў ҳәм хызметкерлерди мәмлекетлик хызметке тартыў» темасында семинар оқыўлары өз жумысын баслады.

Мәмлекетлик хызметти раўажландырыў агентлиги, Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) ҳәм Латвия Орайлық қаржы ҳәм шәртнамалар агентлиги менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда министрлик ҳәм уйымлардыӊ инсан ресурсларын раўажландырыў бөлимлериниӊ хызметкерлери қатнаспақта.

Жойбардан гөзленген тийкарғы мақсет – мәмлекетлик хызметкерлердиӊ билим ҳәм көнликпесин арттырыў, мәмлекетлик хызметти раўажландырыўға байланыслы стратегиялардыӊ әҳмийетин жеткериў, кадрлардыӊ жумысын режелестириўде алдынғы тәжирийбелер менен ортақласыў болып табылады.

Семинарда сырт ел экспертлери мәмлекетлик хызметте қысқа ҳәм узақ мүддетли стратегияларды ислеп шығыў, инсан ресурсларын басқарыў сыяқлы темаларда теориялық ҳәм әмелий тәжирийбелер ҳаққында пикир алысты.

Инсан ресурсларын басқарыў (Human Resources Management – HRM, яки HR) шөлкемниӊ хызметкерлерди жумысқа жаллаў, басқарыў ҳәм қоллап-қуўатлаўға қаратылған ишки сиясаты яки ишки комплекс функциясы есапланып, инсан жумысына тәсир ететуғын барлық процесслер ҳәм бағдарламалар HRдиӊ бир бөлеги екенин айтып өтиў керек.

Қәнигелердиӊ пикирине бола, HRдиӊ тийкарғы стратегиялық функциялары кәрхана ҳәм бизнес стратегиясын теӊ салмақлы етиў, шөлкемдеги процесслердиӊ реинжиниринги, шөлкем хызметкерлери менен өз-ара мәлимлеме байланысы, өзгерислерди басқарыў болып табылады. HR менеджери шөлкемлестириўши жетекшилик ҳәм басқарыў мәденияты мониторинги ушын жуўапкер есапланады. HR мәканда парық етиўи мүмкин болған бәнтлик ҳәм мийнет нызамларына әмел етиўди тәмийинлейди.

Таллаўлар соны көрсетеди, улыўмалық ҳәм жеке инсан потенциалын қәлиплестириў механизмлери жетерли дәрежеде ислеп шығылса, инсан капиталы менен ресурсларыныӊ дәрежеси өседи ҳәм шөлкемниӊ бәсекиге шыдамлылығы артады.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА