Хабарыңыз бар, 19-июнь күни Россияда өткерилип атырған жәҳән чемпионатының 2-тур ойынларына старт берилди. Онда 1-турда Сауд Арабиясын 5:0 есабы менен тәслим еткен Россия сайланды командасы Уругвайға мүнәсип қарсылық көрсете алған, бирақ ойынның ақырғы минутларында дәрўазасынан топ өткерип жиберген Египет сайланды командасы менен өз ара жарысқа түсти.
Ойын жуўмағына бола, Россия футболшылары 3:1 есабы менен жеңиске еристи. Муҳаммед Салаҳ пенальтиден гол урғаны менен оның командаласлары Уругвай менен ойнағандағыдай өз мүмкиншиликлерин көрсете алмады ҳәм өзиниң топар басқышынан шығыў имканиятын дерлик жоққа шығарды. Бул жағдай дүньяға белгили карикатурашылардың нәзеринен шетте қалмады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.