Президентимиздиӊ басламасы менен халықтыӊ, соныӊ ишинде, шетки аймақларда  жасаўшы инсанлардыӊ ҳал-жайдайынан хабар алынып, олардыӊ күнделикли турмысында ушырасып атырған машқалаларды унамлы шешиў бойынша бир қатар жумыслар алып барылмақта.

Елликқала районыныӊ ҳәкими, 1-сектордыӊ басшысы В.Ниязымбетов орайдан  240 километрден аслам узақта жайласқан Шуқырқақ мәкан пуқаралар жыйыны халқыныӊ ҳал-жағдайынан хабар алды. Сапар даўамында бул аймақта жасаўшы 800 ге шамалас халық ўәкиллерин мүбәрек Рамазан ҳайыты менен қутлықлады ҳәм олардыӊ мүрәжатлары менен танысыў мақсетинде көшпели қабыллаў өткерди.

Жергиликли халық пенен өткерилген ушырасыўда секторлардыӊ, тийисли кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиӊ басшылары, кеӊ жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларыныӊ ўәкиллери қатнасты.

Соӊғы жыллары Шуқырқақ мәкан пуқаралар жыйыныныӊ аймағында көплеген унамлы өзгерислер жүз бермекте. Атап айтқанда, аймақта базар ярмаркасы шөлкемлестирилип келинбекте. Кем тәмийинленген  6 шаӊараққа, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемине, аўыллық шыпакерлик пунктине, суў тазалаўшы ЭКОС ушын қуяш панеллери орнатып берилди. Район орайына автобус мәселеси унамлы шешилип, ҳәптесине бир мәрте қатнаў жолға қойылды.

Сондай-ақ, балалар ушын жаӊадан “Workout” майданшасы қурылды. Суў тазалаўшы ЭКОСтыӊ 3 дана двигатели оӊланды.  Кадастр ҳүжжетлери жоқ турақ жайлардыӊ ҳүжжетлери рәсмийлестирип берилди. Ишки жоллар оӊланып, пуқаралардыӊ мүрәжатлары тийкарында жаӊа мектеп қурып берилди. Аймақ турғынларын қыйнап киятырған усы сыяқлы бир қатар мүрәжатлар унамлы шешим тапты.

Бул реттеги ушырасыўда да бир қанша пуқаралардыӊ мүрәжаты усы жердиӊ өзинде унамлы шешим тапты.

Бүгинги күни әмелге аксырылып атырған реформалар ҳәм өзгерислер нәтийжесинде пуқаралардыӊ турмыс шараяты жақсыланбақта. Район ҳәкими аймақтағы 33-санлы улыўма билим бериў мектебиниӊ жәмәәти ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Оқыў бөлмелерин көрип, орын алған кемшиликлерди сапластырыў бойынша көрсетпелер берилди. Мектеп оқыўшыларына китаплар ҳәм спорт әнжамлары саўға етилди. “Жасыл мәкан” улыўма миллий жойбары шеӊберинде мектеп жанына жақсы нийетлер менен саяманлы терек нәллери егилди.

Район ҳәкими аймақтағы майыплығы болған, социаллық жәрдемге мүтәж шаӊарақлардыӊ ўәкиллерине майыплық арбашасы менен азық-аўқат өнимлерин тапсырды. Халықты ишимлик суўы менен тәмийинлеўши ЭКОС тыӊ жумысларын барып көрди.

Әлбетте шетки аймақ турғынлары өзлерине көрсетилип атырған айрықша итибар ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирип, кеўиллери көтерилип қалды. Булардыӊ барлығы жәмийетимизде ҳүким сүрип турған мийрим-шәпәәт, адамгершилик, инсан қәдири ҳәмме нәрседен үстин деген принциплердиӊ әмелдеги көриниси болып табылады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги