Бүгинги дәўир исбилерменниң, қолынан өнер келетуғын өнерменттиң, жердиң тилин билетуғын дийқан-фермердиң дәўири.

Ҳәр қандай адам өнерли болса, қолынан ис келсе дәрамат таўып, шаңарағын тәмийинлеўге ҳәм жақсы жасаўға тийкар жаратады.  Бәнтликти тәмийинлеў арқалы шаңараққа дәрамат киреди, аймақтың инфраструктурасы жақсыланады.

Қоңырат районы орайынан 350 километр қашықлықта жайласқан республикамыздың ең шетки аймағы есапланған “Қарақалпақстан”посёлкалық пуқаралар жыйынында да халықты исбилерменликке тартыў, жеке бизнести раўажландырыў арқалы турақлы дәрамат дәрегин жаратыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Аймақта  ҳәким жәрдемшиси Жамила Аметованың жәрдеми  менен алған жеңилликли кредит есабынан өзин-өзи бәнт еткен жаслардың бири Жанат Балшықбаева ҳәзирги күнде гөззаллық салонын ашып, халыққа турмыслық хызмет көрсетпекте.

-Балалығымнан усы өнерге қызығатуғын едим. Дәслепки ўақытлары үй шараятында ҳаял-қызларға гөззаллық сырлары бойынша хызмет көрсетип баслаған болсам, жақыннан баслап жеңиллетилген кредит алып, соның есабынан гөззаллық салонын ашып, заман талаплары тийкарында хызмет түрлерин кеңейтпектемен,-дейди Жанат.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги