Усы жыл 8-14-апрель күнлери елимиз бойлап «Хан атлас» ҳәптелиги болып өтпекте.

Хожели районлық мәлимлеме-китапхана орайында да ҳәптелик шеңберинде «Миллий липасларымыз – миллий қәдириятларымыз» атамасында әдебиятлар көргизбеси шөлкемлестирилди.

Мақсет – атлас ҳәм адрас сыяқлы ашық реңлери, бийтәкирар нағыслары менен қарағанда көзди қуўандыратуғын өнеримизди көрсетиў. Халыққа, әсиресе, жаслар арасында усындай миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет сезимин жоқарылатыў, миллийликти сақлаў, миллий кийиниў мәдениятын, үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди кеңнен үгит-нәсиятлаў болып есапланады.

Илажда қәнигелер тәрепинен ҳаял-қызларымыздың бул миллий өнерге қызығыўшылығын арттырыў, тараўды раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар атап өтилип, атлас, адрас, шайы сыяқлы гезлемелерди таярлаўдың өзгешеликлери ҳәм усыллары туўралы мағлыўматлар берилди.

Ески ҳәм мәңги жасаўшы үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизге сай кийиниўди үгит-нәсиятлаўға қаратылған бул илажда қатнасыўшылар шебер ҳаял-қызларымыздың усы гезлемелерден таярлаған миллий кийимлери менен шығып, өз-ара пикир алысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги