Исаният дүньяның раўажланыўында шешиўши әҳмийетке ийе уллы инсанлардың үлесин мүнәсип баҳалайды. Шынында да, олардың унамлы ислери жаңа-жаңа жас әўладлардың итибарын өзине тартыўы тәбийғый.  Тарийхта әне сондай уллы инсанлардың бири – Муҳаммед Тарағай Баҳадыр улы Әмир Темур болып есапланады. 

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен соң, Әмир Темур шахсы және ўатан ҳәм миллет тымсалына айланды. Ғәрезсизликтиң ҳәр бир байрамында, Суверен Ѳзбекстанның ҳәр бир қәдеминде уллы шахс руўхы ҳәмийше бирге.

Әмир Темурдың исми, оның тарийхый ислери халқымызды бирлестириўде, ийманлы болыўда, мәдений тамырларымызды терең аңлаўда, қүдиретли келешегимизди қурыўда жаңа күш қуўат ҳәм жигер бағышлап турады.

Ѳзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң сыпатламасы менен айтқанда, «Уллы саҳыпқыран Әмир Темур биз – әўладларға қалдырған ўәсиятында оғада әҳмийетли бир пикирге айрықша итибар берип, «Ел дәртине дәрман болмақ – уллы пазыйлетиңиздур», деп атап ѳткени, әлбетте бийкарға емес».

Уллы бабамыздың ең баслы пазыйлетлеринен бири сол болған, ол буннан алты әсир бурын ҳеш бир мәмлекеттиң коңсылары менен ѳз-ара жақсы байланыслары, пайдалы бирге ислесиўисиз келешеги болмаслығын терең аңлаған.

Уллы мәмлекетлик искер, орта әсирдиң белгили әскер басшысы, ели ушын гүрескен, илим ҳәм мәденият қәўендери болған Әмир Темур дәўиринде илим, мәденият ҳәм билимлендириў тараўлары жоқары дәрежеде раўажланған.

Тарийхый дәреклерде келтириўинше сахыпқыран Әмир Темур – жарқын сезимлерге ийе, еслеў қәбилети жоқары, өткир зейинли, бир сөзли, руўхый күш-қүдирет ийеси ҳәм саўлатлы инсан сыпатында тәрийпленеди.

Басқа алымлар қатарында европалы алымлар да Әмир Темур ҳәм оның искерлиги ҳаққында буннан 468 жыл бурын өз дөретпелеринде сөз ете баслаған. Буны 1553-жылы Флоренциялы италян алымы Пьетро Перондино де Прато
қәлемине тийисли «Скифли уллы Тамерлан» китабының баспадан шығарылыўы дәлиллейди. Бул өз гезегинде Европада Әмир Темур ҳаққындағы ең дәслепки илимий изертлеўлерден бири есапланады.

Европа тиллеринде (испан, инглис, француз) жәрияланған жазба дәреклер ишинде белгили орынды испан елшиси Руи Гонсалес де Клавихоның «Самарқандта Әмир Темур сарайына саяхат күнделиги (1403-1406)» ийелейди.

Әмир Темур – тарийхшылардың тәрийплеўинше орта әсирдиң атақлы мәмлекетлик ҳәм әскерий ғайраткерлеринен бири болып, Европа алымлары өз шығармаларында оның әҳмийетли пазыйлетлерин айрықша атап өткен.

Немис алымы Фридрих Кристоф Шлоссер өзиниң 1868-жылы баспадан шыққан «Жәҳән тарийхы» I-том шығармасында: «Жәҳәнгир, Узақ Шығыста белгили ҳуқықтаныўшы болыў менен бирге, өзинде Азияда кем ушырасатуғын тактикалық ҳәм стратегиялық билимлерди әмелде көрсете алды», – деп келтирип өткен болса, Немис алымы ҳәм тарийхшысы Макс Вебер: «Ол сәркардалықта ҳәм мәмлекетти басқарыўшылық тараўында айрықша талантқа ийе еди», – деп тәрийплейди.

Европалылар Әмир Темурдың Турк султаны Баязид үстинен ерискен жеңисин жоқары баҳалап, XV әсирдиң басында Францияда Әмир Темурға арнап естелик орнатылады ҳәм оған алтын ҳәриплер менен «Европаны қутқарыўшы» деп жазып қойылған. 

Және де XVI әсирде жасаған белгили инглис шайыры ҳәм драматурги Кристофер Марлоның «Уллы Темур» тратегиясында жас Темурбек өзиниң теңсиз ақыл-парасаты ҳәм күш-ғайраты менен дүнья тарийхындағы қүдиретли патшалардың бирине айланғанлығы берилген. Бул тратегия XVII әсирге шекем сана төрин берместен, ҳәттеки, Англия театр мәўсимлерин баслап берген.

Соның менен бирге бир неше европалы композиторлар да өз операларында Әмир Темур образын жаратқан. XVII әсир басында италиялы композитор Гаспирни «Тамерлан» операсын жаратып, бул опера Вена театрында сахна жүзин көрди. Буннан илҳамланған композитор Лео оны Неаполь театрында сахналастырады. Антонио Вивальди, Сколари, Генден ҳәм басқа композиторлар да бул темада музыкалық шығармаларын дөреткен.

«Темур Тузуклери»н инглисшеден француз тилине аўдарып, 1787-жылы баспадан шығарған француз алымы Леангле Темур ҳаққында төмендегише пикир билдиреди: «Темурхан сиясий ҳәм әскерий тактика ҳаққында китапша жазған ҳәм өз әўладларына даналық жол қалдырған тарийхый шахс».

Әмир Темурдың белгили мәмлекетлик ислери, әдалатшыллығы, пән ҳәм мәденият қәўендери сыпатындағы келбети әсирлер асып бизге жетип келди.

Әмир Темур руўхый мийрасының өзеги – Самарқанд болды.  Самарқанд бул- әпсаналы тарийхый қала, дүнья архитектурасының дүрданасы, инсанның терең ақылы ҳәм шексиз билиминиң нәтийжели жемиси болып табылады.

Усы жерде Федерико Майор Cарагосаның (ЮНЕСКОның алдынғы директоры, 2017-жылы 15-ноябрьден баслап Одри Азулай) төмендеги баҳалы пикирлерин келтирип өтиў орынлы: «Дүньяда сондай атлар бар, олар инсанды ойға талдырады, олардың сыйқыры ҳәм атларын еситкен ямаса жазыўларын көрген ўақтында бирден тәсирлене баслайсаң. Бизиң дыққатымызды тартатуғын атлар қатарында бир ат бар, ол да болса Самарқанд. Бул ат бийик сарайлары, жарқын кәрўан сарайлары мисли ең жақсы сезимлер ийриминен пайда болғандай. Әмир Темурдың Самарқандтағы сарайында болған Испания елшиси Руи Гонсалес де Клавихоның күнделигин оқыр екенмен, Орайлық Азияның XIV әсир мәдениятына, архитектурасына, техникалық ҳәм илимий тапқырлығына, бул мәдениятқа әпсанаға айланған жәҳәнгир Әмир Темурдың унамлы тәсирин сезиндим».

Бүгинги күнде дүньяның 50 ден артық мәмлекетлеринде Темуртаныўшы алымлар илимий изертлеўлер алып бармақта. Бул алымлардың жемисли мийнетиниң нәтийжелери сыпатында көплеген китаплар шығарылмақта. Өткен 685 жыл даўамында Европа тиллеринде Әмир Темурға бағышлап жазылған ири көлемли шығармалардың саны 500 ге, ал Шығыс тиллеринде болса 900 ден асқанлығын мақтаныш пенен тилге алыўымызға болады.

Әмир Темурдың Азия, улыўма дүнья тарийхындағы уллы хызметлери ҳәм тутқан орны ҳаққында жуўмақлап төмендегилерди айтып өтиў жүдә орынлы:

– Әмир Темур Орайлық Азияны монғоллар қысымынан азат етиўге барлық Ўатансүйиўши күшлерди бир жерге жәмлеп, оларды ғәрезсизлик ушын гүресиўге бағдарлаған жетекши әскер басшы, жергиликли халықтың бул тараўдағы арзыў-нийетлериниң әмелге асыўына үлкен үлес қосқан сәркарда;

–   Әмир Темур көп жыллар даўамында ғәрезли болып, басқа ҳүкимдарларға бойсынып келген Маўераннаҳр ҳәм Хорасанда өз журтындағы хылықтың күш-қүдиретине сүйенген ғәрезсиз ҳәм бирден-бир Ўатан дүзе алды;

– Әмир Темур Европа мәмлекетлери раўажланыўының тезлесиўине белгили дәрежеде өз үлесин қосып, Россияны Алтын Орда зулымынан, Европаны болса Түрклер қәўпинен сақлап қалды;

– Әмир Темур өз сиясатында мәденият, абаданластырыў, өнерментшилик қәўендери сыпатында танылып, мәдений жақтан жоқарылаўға ҳәм түркий тилдиң раўажланыўына имкан жаратты;

– Әмир Темур бир қатар шығыс еллери ҳәм Европа мәмлекетлери менен де унамлы дипломатиялық байланыслар орнатып, олар менен ҳәр тараўда саўда-сатық, мәдений байланыслардың және де раўажланыўына кең жол ашып берген уллы тарийхый тулға.

Улыўма алғанда, бул уллы тарийхый шахстың жарқын көриниси, өтмиши, мәрт, ҳадал ҳәм ғайратлы халқымызды бирлестириўге, мийрим-шәпәәтли болыўға ҳәм күдиретли келешегимизди қурыўда, жаңа инновациялық идеяларды, тарихый жаңалықларды ашыўда бизге қуш-қуўат ҳәм жигер бағышлайды.

 

Мурат Толыбаев,

 ҚМУ «Археология» кафедрасы оқытыўшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги