Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеӊесиниӊ гезексиз сессиясы даўам етпекте. Онда Президент пайтахтта еле иске қосылмаған имканиятларды көрсетип өтти.
Атап айтқанда, 979 жер участкасын аукционға шығарыў, аўыл хожалығынан санаат ҳәм елатлы пункт категориясынан өткен 175 гектар жерлерди исбилерменлерге бериў арқалы жаӊа жойбарларды әмелге асырыў мүмкин.
Пайтахттағы кәрхана ҳәм шөлкемлердеги 98 мыӊ бос жумыс орны –халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў ушын иске қосылмаған имканиятлардан бири. Буннан тысқары, Янгиҳаёт районында 764 гектар жерде шөлкемлестирилип атырған “Янги авлод” арнаўлы санаат зонасында және он мыӊлаған жумыс орнын жаратыў имканияты бар.
ӨзА