Президент Шавкат Мирзиёевқа миграцияны тәртипке салыў ҳәм мийнет мигрантларын қоллап-қуўатлаўға қаратылған усыныслар таныстырылды.

Пүткил дүнья жүзинде жумысшы күшиниң көшип жүриўи тәбийғый процесс. Мәмлекетимизде бундай пуқараларды сырт елге тәртипли ҳәм қәўипсиз жибериў бойынша белгили жумыслар исленбекте. Кейинги еки жылда Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги тәрепинен 70 мың адам раўажланған мәмлекетлерге жиберилген.

Бирақ айырым пуқаралар маманлық талап етпейтуғын жумыс пенен шуғылланыў ушын сырт еллерге өзлери де еркин тәризде кетип атыр. Олардың мийнет ҳәм жасаў шараятлары, кәсиби, дәраматы ҳәр қыйлы.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда пуқараларға қолайлық жаратыў, мийнет миграциясынан қайтқан шахслардың бәнтлигин тәмийинлеў ўазыйпаларын қойған еди. Сол себепли мийнет миграциясы системасын жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Оған бола, Бәнтлик министрлиги жанындағы Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги мәмлекетлик мәкеме түриндеги басқарыў уйымына айланады. Агентлик директоры бир ўақыттың өзинде Бәнтлик министриниң орынбасары болады. Ол мийнет мигрантларын қоллап-қуўатлаў қорын да басқарады.

Уллы Британия, Германия, Польша, Венгрия, Япониядағы елшихана ҳәм консуллықларда мийнет миграциясы бойынша атташе, Саудия Арабстанында агентлик ўәкили лаўазымы енгизиледи. Сырт елдеги пуқараларымыздың мәселелерин жеделлик пенен шешиў ушын елшиханалар ҳәм тийисли министрликлерде 24 саат жумыс ислейтуғын колл-орайлар шөлкемлестириледи.

«Сырт елге жумыс – мәҳәлледен» принципи жолға қойылады. Онда, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси сырт елде жумыс ислеў нийетинде болған пуқараны анықлап, «Онлайн мәҳәлле» платформасына киргизеди. Талабанлар сырт елдеги жумыс бериўшилердиң таңлаўларына тартылады.

Кәсиплик маманлығы жоқ ҳәм тилди билмейтуғын пуқараларды кәсипке оқытыў ҳәм профбилимлендириў мәкемелеринде мақсетли таярлаў жолға қойылады. Буның ушын Сыртқы мийнет миграциясы агентлиги жанында пуқараларды шет тиллерине үйретиў ҳәм жумыс ислеўге мақсетли таярлаў орайы ашылады.

Сырт елде жумыс ислеў нийетинде болғанлар белгили бир қәрежетлерге де дус келеди. Сол себепли енди мигрантлардың жумысшы виза, жол билети, шет тили ҳәм кәсиби бойынша маманлықты баҳалатыў қәрежетлериниң бир бөлеги қапланады. Шет тили бойынша халықаралық ямаса оған теңлестирилген сертификат алған пуқараға тил үйрениў ушын жумсалған қәрежеттиң 50 проценти қаплап бериледи.

Мийнет миграциясынан қайтқан пуқаралардың бәнтлигине жәрдемлесиў де әҳмийетли мәселе. Сол себепли Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында оларға қыйтақ жерде өним жетистирип, дәрамат алыўы ушын қаржылай жәрдем бериледи ҳәм басқа да түрдеги бәнтлик хызметлери көрсетиледи. «Киши бизнести үзликсиз қоллап-қуўатлаў» комплексли бағдарламасына муўапық жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Медициналық мәкемелер миграциядан қайтқан шахслар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын бийпул медициналық тексериўден өткереди. «Инсан» орайлары тәрепинен ата-анасы сырт елде мийнет етип атырған балаларға социаллық жәрдем көрсетиледи.

Мийнет миграциясынан қайтқанларды жумысқа алған кәрханаға ҳәр бир хызметкер ушын бир жыл даўамында Бәнтликке жәрдемлесиў қорынан айына 500 мың сум субсидия бериледи. Бул илажларға быйылғы жыл ушын барлық дәректен 100 миллиард сум ажыратылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул системаны нәтийжели жолға қойып, пуқараларға сапалы хызмет көрсетиў, бәнтликти арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

ӨзА