Елимиз бойлап қоршаған орталықты қорғаў, абаданластырыў, жасыл зоналарды кеңейтиў арқалы экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде өткерилип атырған «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Нөкис қаласында жайласқан газета ҳәм журналлардың редакциялары, баспасөз тараўы жәмәәтлери де бул ийгиликли иске өзлериниң үлесин қосыў мақсетинде «Дослық» каналы бойынан ажыратылған жерге жыйналып абаданластырыў жумысларын алып барды.

Олар тәрепинен өзлерине бекитилген жерге ҳәр қыйлы мийўели ҳәм саяманлы терек нәллери отырғызылды.


– Орынларда мийнет жәмәәтлери тәрепинен, сондай-­ақ жеке хожалықларда тәбиятымызды қорғаў мақсетинде әмелге асырылып атырған  бул илажлар бүгинги күнде өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте деп ойлайман. Буған мысал етип усы әтирапты алып қарасақ та болады. Буннан үш-төрт жыл алдын бул каналдың еки жағасы бундай дәрежеге жетеди, деп ойлаған жоқ едик. Көбинесе, усы жерден өтетуғын болғанлықтан, бул жерлерди жасыллыққа айландырыў ушын қанша адамлардың тер төгип, мийнет еткенин көрдик. Нәтийжеси, мине, көрип турғанымыздай, бул жер күннен-күнге көзди қуўандырғандай гөззал көриниске енбекте,-дейди журналист С.Жаниев.

Бул бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги