Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 29-март күни «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги жумыслар ҳәм шығындыларды басқарыўды жетилистириў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Усы жыл бәҳәрде «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде 125 миллион түп нәл егилиўи мөлшерленген. Аймақларда бағлар жаратыў, жол бойларында 10 қатардан тереклер егиў бойынша жумыслар басланған. Бул Қарақалпақстан Республикасы, Қашқадәрья ҳәм Наманган ўәлаятларында жақсы жолға қойылған.
Лекин көпшилик ўәлаят ҳәм районларда терек егетуғын орынлар елеге шекем белгиленбеген, суўғарыў ҳәм нәлге пул ажыратылмаған.
Сол себепли Министрлер Кабинетинде бул мәселе сын көзқарастан көрип шығылып, ўәлаят ҳәкимлериниң тараўға жуўапкер орынбасарлары, район ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарлары, система шөлкемлери басшыларының 28 ине интизамый жаза қолланғаны атап өтилди.
Бул бағдардағы жумыслар көлеми министрликлер кесиминде де түрлише. Мәселен, Қорғаныў министрлиги 100 гектар, Санлы технологиялар министрлиги, Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги 65 гектардан бағ жаратқан. Лекин Энергетика ҳәм Транспорт министрликлерине ажыратылған жерлерде нәл толық егилмеген. Автомобиль ҳәм темир жол бойлары, дәрья ҳәм канал жағалары, санаат кәрханалары ҳәм жанылғы қуйыў шақапшалары әтирапында да қанша орынлар бос жатырыпты.
Улыўма, терек егиўди ғалаба ен жайдыры ен жайдырыў бойынша баслама ҳәм үгит-нәсиятлаў жетиспей атырғаны көрсетип өтилди. Бул бағдарда мәмлекетлик шөлкемлер менен бирге жергиликли кеңеслер, Экопартия ҳәм басқа аўқамлар, мәҳәллелер – ҳәмме бир болып ҳәрекет етсе, жүдә көп бағлар жаратылатуғыны атап өтилди.
Мәжилисте «Жасыл мәкан» жойбары шеңбериндеги гезектеги ўазыйпалар, жаңа басламалар додаланды.
Мәмлекетимизде терек егип, жасыллық жаратыўды қәлеўшилер көп. Лекин көп қабатлы үйде жасайтуғын адамларда жер жоқ. Бул бағдарда Қубла Корея тәжрийбеси тийкарында Ташкент ўәлаятында жақсы баслама басланған. Оған бола, районлар аймағынан жер ажыратылып, 30 жыл мүддетке абаданластырыў басқармаларына бериледи. Жергиликли бюджет есабынан тамшылатып суўғарыў системасы енгизилип, жер таяр ҳалға келтирилип, терек егиўди қәлейтуғын халыққа бериледи. Ҳәр бир нәл оны еккен адамның атына бекитиледи. Тереклерди тәрбиялаў ушын абаданластырыў басқармасы хызметкери бириктириледи.
Мәмлекетимиз басшысы бул тәжрийбени барлық ўәлаятларда әмелге асырыў бойынша көрсетпе берди.
Мәмлекетимизде 9 мың 452 мәҳәлле бар. Атап айтқанда, қалаларда 39 мың көп қабатлы үй бар. Мәҳәлле белсендилери, басқарыў сервис компаниялары усы аймақларда нәллер егилиўине бас-қас болыўы зәрүрлиги атап өтилди.
Жоллар ҳәм каналлар бойындағы жерлерди талабанларға тиккелей шәртнама тийкарында 10 жылға берип, 5 қатардан нәл ектириў системасы енгизилген. Буннан пайдаланып, ҳәзирги мәўсимде де көплеген терекликлерге тийкар жаратыў мүмкин.
Жасыл аймақларды көбейтиў бойынша Ташкент қаласында да жақсы тәжирийбе қолланбақта. Яғный, қалалық кеңеси жаңа қурылыслар майданының кеминде 30 процентине терек егиў миннетлемесин қойып, нәл сортына шекем белгилеп берип атыр. Объект бул шәрт орынланғаннан кейин ғана пайдаланыўға қабыл етилмекте.
Қурылыс министрлигине бул тәртипти барлық аймақларда ғалаба ен жайдырыў, қала нормалары ҳәм лицензия талапларына терек егиў миннетлемесин киргизиў тапсырылды.
Атап айтқанда, усы жылы тапсырылатуғын 2,5 мың көп қабатлы жайлар аймағының 30 процентинде, 38 «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң ҳәр биринде кеминде 1 гектардан жасыл бағлар жаратылыўы белгиленди.
Экология, қоршаған-орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигине орынларда 444 жасыл бағ ҳәм 160 жәмийетлик парклерди шөлкемлестириў, «Мениң бағым» жойбарын иске түсириў ўазыйпасы қойылды.
Жуўапкерлер атыз шетлеринде, ири кәрханалар ҳәм санаат зоналары әтирапында жасыл аймақлар шөлкемлестириў режелери бойынша мәлимлеме берди.
Социаллық мәкемелерге нәллерди бийпул жеткерип бериў әмелияты усы жылы да даўам еттирилип, оларға жәми 4 миллионнан аслам нәл тарқатылатуғыны айтылды.
Мәжилисте шығындылар менен ислесиў системасын жаңаша көзқараслар жантасыўлар тийкарында шөлкемлестириў мәселелери де додаланды.
Атап өтилгениндей, енди аймақларда абаданластырыў, тазалықты тәмийинлеў бойынша пүткиллей жаңа система болады. Ҳәр бир ўәлаяттағы 2 районда 1-майдан баслап, тәжирийбе ретинде абаданластырыў басқармаларының ўазыйпалары жеке меншик шериклик тийкарында шығынды кәрханаларына өткериледи.
Онда исбилерменлер өзине бириктирилген аймақта терек ҳәм гүллер егиў, оларды тәрбиялаў, салмаларды тазалаў, көшелерди жақтыландырыў менен бирге, шығындыларды алып кетиў менен де шуғылланады. Абаданластырыў бөлимлерине ҳәр жылы бюджеттен ажыратылатуғын қәрежетлер де енди оларға қаратылады.
Бул тәжирийбе өзин ақласа, 2025-жылдан барлық район ҳәм қалаларда жолға қойылады.
Ташкент қаласы ушын өз алдына система болады. Пайтахт районларындағы абаданластырыў басқармаларының көшелерди тазалаў, көклемзарластырыў, жолларға хызмет көрсетиў ўазыйпалары 15-апрельден аукцион арқалы жеке меншик шериклерге бериледи.
Шығынды полигонларын тәртипке келтириў ҳәм шығындыларды қайта ислеў бойынша да жаңа система болады. Ҳәр бир ўәлаятта жайласыўы қолай болған 3-4 ден полигон арнаўлы эко-санаат зонасына айландырылып, қайта ислеў жойбарлары әмелге асырылады. Қалғанларында шығындыны ўақтынша топлап, қайта жүклейтуғын станциялар иске түседи.
Ресурсын өтеп болған полигонлар жабылады. Олардың әтирапында терек, тут, гүжим, зерең егип, жасыл белбеў жаратылады.
Шығындыларды алып кетиў хызмети жақсы болыўы ушын төлем тәртиби де керек. Сонлықтан бул бойынша да жаңа тәртип енгизиледи. Оған бола, «мәҳәлле жетилиги»не аймағында негизинде көрсетилмеген хызмет бойынша нореал қарызды есапқа алмаў ўәкиллиги бериледи. Бул арқалы хызмет көрсетилмеген аймақ ушын да дебитор қарыздарлық жазып қойыўдай әдалатсыз әмелиятқа шек қойылады.
Көп қабатлы жайларда халықты шығындыны таңлаған ҳалда таслаўға хошаметлейтуғын система енгизиледи. Буның ушын Экология қоры есабынан арнаўлы шығынды қаплары бийпул бериледи, халық шығындыны белгиленген категорияға ажыратып, шақапшаға алып барады. Исбилерменлер болса қайта исленетуғын пайдалы шығындыны халықтан сатып алады.
Бул система биринши басқышта Ташкент, Әндижан, Бухара, Термиз, Ангрен қалалары ҳәм Ташкент районында жолға қойылыўы белгиленди.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.
ӨзА