Өзбекстан Саўда-санаат палатасы аймақлық басқармасы даўагер “Банк” мәпинде экономикалық судқа даўа арза менен мүрәжат етип, жуўапкер “A” жуўапкершилиги шекленген жәмийети ҳәм шерик жуўапкер “B” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинен солидар тәртипте 11 миллиард 341 миллион 322 мыӊ сом тийкарғы кредит қарызы, 556  миллион 481 мыӊ сом процент қарыздарлығын ҳәм 884 миллион 758 мыӊ сом пеня ѳндириўди сораған.

Биринши инстанция судының 2023-жыл 1-декабрь күнги уйғарыўы менен даўа арза ис жүргизиўге алдыннан мәмлекетлик бажы тѳлемисиз қабыл етилип, ис 2023-жыл 14-декабрь күни саат 12-00ге суд имаратына ашық суд мәжилисинде кѳрип шығыў ушын тайынланған ҳәм уйғарыў тийисли тәртипте тәреплерге E-XSUD электрон мәлимлеме системасы арқалы гибрид почта менен жиберилген.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 128-статьясы биринши бөлимине муўапық, егер суд экономикалық суд ислерин жүргизиў қатнасыўшысы өзине жиберилген уйғарыўдың көширме нусқасын алғанлығы яки усы Кодексте нәзерде тутылған басқа усылда хабардар етилгенлиги туўралы суд мәжилиси басланғанға шекем мағлыўматқа ийе болса, бул қатнасыўшы тийисли тәризде хабардар етилген деп есапланады. Уйғарыў палатаға ҳәм даўагерге 2023-жыл 4-декабрь күни, жуўапкерге  2023-жыл 2-декабрь күни, шерик жуўапкерге болса 2023-жыл 6-декабрь күни мәнзиллерине тийисли тәртипте жеткерилген. Бул ҳаққында гибрид почта мағлыўматнамасы судқа келип түскен. Сондай-ақ, палата яки даўагер ўәкиллери суд мәжилисине келмеген болып, исти өз ўәкиллериниң қатнасыўысыз кѳрип шығыў ҳаққында арза бермеген.

Өзбекстан Республикасы Экономикалық процессуаллық кодексиниң 107-статьясы 6-бәнтине муўапық, даўагер биринши суд мәжилисине келмеген ҳәм исти ѳзиниң қатнасыўысыз кѳрилиўи туўралы арза бермеген болса, суд даўа арзаны кѳрместен қалдырады. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды Пленумының 2020-жыл 19-декабрьдеги “Экономикалық ислер бойынша суд қәрежетлерин ѳндириў әмелияты ҳаққында”ғы қарарының 17-бәнтиниң төртинши хатбасына бола, мәмлекетлик бажы тѳлеўден азат етилген мәмлекетлик уйымлар, басқа шахслар юридикалық тәреплер ҳәм пуқаралардың мәпинде киргизилген даўа арзалары (арзалары) кѳрилместен қалдырылғанда яки ис жүргизиўден қысқартылғанда мәмлекетлик бажы мәпи гѳзленип даўа киргизилген даўагерлерден ѳндириледи, буннан “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы Нызамның 18-статьясы бойынша даўа кѳрилместен қалдырылған яки ис жүргизиў қысқартылған жағдайлар тысқары, деп түсиндирилген.

Сонлықтан, биринши инстанция судының 2023-жыл 14-декабрь күнги уйғарыўы менен даўа арза көрилместен қалдырылған. Солайда болса, даўагерден республика бюджетине 255 миллион 651 мыӊ 220 сум мәмлекетлик бажы пул өндирилген.

Спартак НИЯЗОВ,

Қарақалпақстан Республикасы судының судьясы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги