Хожели районындағы Сарышүңгил мәкан пуқаралар жыйынында «Жас шегарашылар» әскерий-ўатан сүйиўшилик таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Ҳәр жылы өткерилип киятырған бул таңлаўды өткериўден баслы мақсет – жасларды Ўатанға муҳаббат ҳәм әскерий миннетке садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, шегара хызметине қызықтырыў ҳәм басқышпа-басқыш тәрбиялап барыў болып есапланады.

Оған районлық мектеплердиң 10-11-класс оқыўшыларынан дүзилген командалар қатнасып, таңлаў режесинде белгиленген шәртлер бойынша күш сынасты. Таңлаў жуўмағына бола 12-санлы мектеп командасы биринши орынды ийелеп, таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды. Ал, 15-санлы мектеп екинши, 31-санлы мектеп үшинши орынды ийеледи.







Илажға Шегара мәселелери бойынша Хожели районы ҳәкиминиң жәрдемшиси Б.Аллашов, МҚХ шегара әскерий бөлиминен подполковник С.Тошматов ҳәм Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлиминиң баслығы А.Джиенбаевлар қатнасып, жеңимпаз  командаларды қутлықлап оларға арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғаларын тапсырды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги