Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-март күни ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм күш структуралары басшыларыныӊ қатнасыўында жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия басшылығыныӊ саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўыныӊ ири объектлеринде, соныӊ менен бирге, саўда-кеўил ашар комплекслер, парклер, базарлар ҳәм басқа пуқаралар тығыз болатуғын орынларда жәмийетлик тәртипти сақлаў жумысларыныӊ шөлкемлестирилиўи ҳаққындағы есабатлары тыӊланды.

Жәмийетлик қәўипсизликке жаӊа қәўип – қәтерлер барған сайын артып баратырған бүгинги шараятта жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм пуқаралардыӊ қәўипсизлигин тәмийинлеўде ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм исбилерменлик субъектлери арасындағы бирге ислесиўди күшейтиў зәрүр екени атап өтилди. Соныӊ менен бирге, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў менен байланыслы илажларды әмелге асырыў процесинде исбилерменлик субъектлери ҳәм пуқаралардыӊ ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин сөзсиз тәмийинлеў әҳмийетли екени атап өтилди.

Мәмлекетимпиз басшысы ҳуқық қорғаў уйымлары, пуқаралық жәмийети институтлары ҳәм исбилерменлик субъектлериниӊ бул бағдарда толық бирге ислесиўин тәмийинлеўге қаратылған нормативлик-ҳуқықый ҳүжжеттиӊ жойбарын ислеп шығыўға тапсырма берди.

Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардия басшылығы алдында жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша алып барылып атырған жумысларды және де күшейтиў, халық тығыз болатуғын орынларда әмелге асырылыўы мүмкин болған терроршылық ҳәрекетлери ҳәм басқа айрықша жағдайлардыӊ алдын алыўға қаратылған тәсиршеӊ илажларды көриў ўазыйпасы қойылды.

ӨзА