Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев экономиканы турақлы раўажландырыў ҳәм тармақлардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў мәселелерин додалаў бойынша мәжилис өткерди.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы бағдарлар, соның ишинде, ири кәрханаларды трансформациялаў, аймақлардың «өсиў ноқатлары»н иске қосыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған илажлар нәтийжесинде тараў ҳәм тармақларда экономикалық белсендилик артып бармақта.
Атап айтқанда, усы жылдың биринши шерегинде жалпы ишки өним көлеми 6 проценттен аслам өсиўи күтилмекте. Бунда исбилерменлик жедел қоллап-қуўатланатуғыны ҳәм қыс мәўсиминде турақлы энергия ресурслары менен тәмийинлениўи есабынан санаатта өсиў дерлик 10 процентке, экспорт көлеми 3,5 миллиард долларға жетиўи әҳмийетли фактор болмақта.
Сыртқы базарда бәсеки күшейип атырған шараятты есапқа алған ҳалда, 2024-жылы базар экономикасының тийкарын қурыўдың әҳмийетли процесслерин жуўмақлап, экономиканы сапа жағынан пүткиллей жаңа дәрежеге алып шығыў, кәрханалардың қаржы еркинлигин ҳәм турақлылығын арттырыў талап етилмекте.
Сол себепли мәжилисте ири мәмлекетлик кәрханалардың қәрежетлерин оптималластырыў, энергия ресурсларын үнемлеў бағдарында исленип атырған жумыслардың нәтийжелилиги ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Дүнья базарындағы қыйын шараятта экспорт түсимлерин арттырыў, кәрханалардың төлем қәбилетин беккемлеў, дебитор қарыздарлығын азайтыў, қәрежетлер тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў бойынша анық ўазыйпалар қойылды.
Айрықша итибар тармақ ҳәм аймақлардың экспорт имканиятларын толық иске қосыў мәселелерине қаратылды. Буның ушын исбилерменлерге сыртқы базарларға шығыўда қолайлы өндирис ҳәм логистика шынжырларын жаратып бериў, өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Мәмлекетимиз басшысы ишки базарда баҳа турақлылығы мәселесине айрықша тоқтап, күнделикли тутыныў товарларын локализациялаўды кеңейтиў, кәрханалардың қуўатлылығын арттырыўға жәрдемлесиў зәрүр екенин атап өтти.
Жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыўда аймақлардағы санаат зоналары ҳәм кооперация имканиятларынан кеңнен пайдаланыў, жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаў кереклиги атап өтилди. Тийкарғы итибарды қосымша баҳалы өнимлер таярлаў, жумыс орынларын көбейтиўге қаратыў шәрт екени көрсетип өтилди.
ӨзА