Беруний районындағы «Рейимбай Юлдашев» фермер хожалығында быйылғы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазыныӊ басланыўына бағышланған көргизбели семинар болып өтти.

Онда республикамыздың қубла районлары ҳәкимлери, тараўға жуўапкер шөлкемлердиӊ, пахта кластерлери кәрханаларының басшылары ҳәм фермерлер қатнасты.

Семинарда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен тараўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти ҳәм шигит егисиниӊ сапалы усыллары, дийқан фермерлер итибар қаратыўы зәрүр болған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап, олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң айрықша итибары менен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Әсиресе, усы  жылдың 9-февраль күнги «Қарақалпақстан Республикасын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеўдиӊ қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарары менен бурын болмаған жаңа имканиятлар ҳәм жеңилликлер жаратып берилди. Усындай жеӊилликлер нәтийжесинде быйылғы жылдың өзинде республикамызға аўыл хожалығы ушын оғада әҳмийетли есапланған техникалар ҳәм агрегатлар алып келинбекте.

Шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте сапалы өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Нураний аталардың дуўасы менен усы күни дәслепки майданларға шигит себилди. Буннан соң жақсы нийетлер менен жаңадан шөлкемлестирилген бағқа мийўели терек нәллери отырғызылды.




Сондай-ақ, Елликқала районындағы «Сахтиёнлы Садулла», Төрткүл районындағы «Намунали Тимур», Әмиўдәрья районындағы “Чайкөл Дослық” фермер хожалықларында да быйылғы жылдыӊ зүрәәти ушын дәслепки шигит егисине бағышланған көргизбели семинарлар болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги