Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси болды.

Көп қабатлы турақ жайларда халықты шығындыны сайлап алған ҳалда шақапшаға алып барыўға хошаметлейтуғын система енгизиледи.

Онда, Экология қоры есабынан халыққа арнаўлы шығынды пакетлери бийпул бериледи, халық шығындыны қайта ислейтуғын, қайта исленбейтуғын ҳәм органикалық категорияға ажыратып, шақапшаға алып барады. Исбилермен болса қайта исленетуғын пайдалы шығындыны халықтан сатып алады.

Усы система дәслепки басқышта Ташкент, Әндижан, Бухара, Термиз, Ангрен қалалары ҳәм Ташкент районында жолға қойылыўы белгиленди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкерлердиң мәлимлемеси тыңланды.

 

ӨзА