Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Ири санаат кәрханаларында, барлық санаат зоналары әтирапында жасыл аймақлар шөлкемлестириў зәрүр екени көрсетип өтилди.
Шығынды полигонлары әтирапында терек, тут, гүжим, клён егип, жасыл белбеў жаратыў, барлық ыссылық электр станциялары, гидроимаратлар, суў қоймаханалары әтирапында да нәл егиў илажлары белгилеп алынды.
Социаллық объектлерге нәллерди бийпул жеткерип бериў бойынша өткен жылы басланған әмелият усы жылы да даўам еттириледи. Оларға 4 миллион түптен аслам нәл бийпул тарқатылатуғыны белгиленди.
ӨзА