Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Бәҳәр мәўсиминде мәҳәллелерде ҳәм көп қабатлы турақ жайлар әтирапында, жоллар ҳәм каналлар бойындағы жерлерге терек егиў илажлары белгилеп алынды.
Пайтахтта әмел етилип атырған ири қурылыс жойбарларында майданның кеминде 30 процентине терек егиў миннетлемеси барлық ўәлаятларда енгизилиўи белгиленди.
Экология министрлигине «Мениң бағым» жойбарын иске қосыў тапсырылды. Оған бюджетте нәзерде тутыдған 50 миллиард сум ажыратылады. Оранларда 444 жасыл бағ ҳәм 160 жәмийетлик парклерди шөлкемлестириўге көрсетпе берилди.
ӨзА