Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси болып өтпекте.
Автомобиль ҳәм темир жол бойлары, дәрья ҳәм канал жағаларында, мәҳәлледе, көшеде, көп қабатлы массивлерде терек ҳәм гүл егиў, тазалықты тәмийинлеў жумысларыныӊ төмен дәрежеде екени көрсетип өтилди.
Қурылыс шөлкемлери, цемент, гербиш, ҳәк, нефть-газ ҳәм химия, бояў, тери өнимлерин ислеп шығырыўшылар, ыссылық кәрханалары, жанар май қуйыў шақапшалары өз ҳәрекети менен қоршаған орталыққа көрсетип атырған тәсирине жараса терек егиў бойынша баслама көрсетпей атырғаны атап өтилди.
Улыўма, терек егиўди ғалаба ен жайдырыў, улыўмамиллий ҳәрекетке айландырыўда үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумыслары жетерли дәрежеде алып барылмай атырғаны көрсетип өтилди.
ӨзА