Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде бәҳәрги егис мәўсимин шөлкемлестириў ҳәм шығындылар менен ислесиў системасын жетилистириў бойынша видеоселектор мәжилиси басланды.
Мәмлекетимиз басшысы ўәлаят ҳәм район ҳәкимлериниң қурылыс, коммунал ҳәм экологияға жуўапкер орынбасарлары, министрликлер ҳәм уйымлар системасындағы жуўапкер басшылардың бул бағдардағы жумысы көрип шығылғанын, олардан 28 ине интизамий жаза көрилгенин атап өтти.
Соның ишинде, Касби, Қаршы, Тўрақўрғон районларының ҳәким орынбасарлары жумыстан босатылды, бул районлар ҳәкимлериниң, 6 ўәлаят ҳәкиминиң орынбасарлары ҳәм басқа да басшыларға «ескертиў» берилди. Барлық экология басқармаларының баслықларына сынақ мүддети тайынланды.
ӨзА