Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-март күни Қытай Халық Республикасының СиньцзянУйғыр автономиялы районы Халық ҳүкиметиниң баслығы Эркин Тунияз басшылығындағы делегациясын қабыллады.

Өзбекстан ҳәм Қытайдың көп тәреплеме бирге ислесиўин буннан былай да кеңейтиў, соның ишинде, Өзбекстан аймақлары ҳәм СУАР арасындағы әмелий байланысларды раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары көрип шығылды.

Өзбекстан – Қытай дослық ҳәм барлық шараятта стратегиялық шериклик қатнасықларындағы бүгинги жоқары дәреже үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өзбекстанның Синьцзян – Уйғыр автономиялы районы менен товар алмасыўы артпақта – бүгинги күнде мәмлекетлеримиз өз-ара саўдасының дерлик 10 проценти усы аймаққа туўра келеди.

СУАРдың жетекши компаниялары менен биргеликтеги инвестициялық жойбарлар портфели 3,5 миллиард долларды қурап, бүгинги күнде «жасыл» энергетика ҳәм электротехника, қурылыс тармағы ҳәм жаңа түрдеги қурылыс материалларын ислеп шығарыў, металлургия, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм басқа да бағдарларды қамтып алады.

Мәдений алмасыўлар бағдарламасы жедел әмелге асырылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы СУАР менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм биргеликтеги жойбарларды жеделлестириў әҳмийетли екенин атап өтти. Инновациялық технологиялар, аўыл ҳәм суў хожалығы, транспорт ҳәм логистика, банк-қаржы тараўы, билимлендириў, дәстүрий медицина сыяқлы бир қатар тийкарғы бағдарлар көрсетип өтилди.

Өзбекстан ҳәр жылы Урумчи қаласында өткерилип киятырған «Экспо Қытай – Евроазия» бас көргизбесинде жедел қатнасатуғыны атап өтилди.

Ушырасыўда гуманитар ҳәм туризм байланысларын раўажландырыў мәселелери де ҳәр тәреплеме додаланды.

«Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай» темир жолын қурыў жойбарын алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА