Сапар даўамында еркин экономикалық зона, логистика орайлары, өндирис кәрханаларының жумысы менен танысыўы режелестирилген.

Сурхандәрья ўәлаятының ҳәкими Улуғбек Қосимовтың өз-ара сапарларындағы мирәт етиўине бола Татарстан басшысы Рустам Минниханов әмелий сапар менен бүгин ўәлаятқа келеди.

Ўәлаят ҳәкимлигиниң хабарына бола, сапар даўамында еркин экономикалық зона, логистика орайлары, өндирис кәрханаларының жумысы менен танысыў режелестирилген.

Сондай-ақ, ойпаттағы тарийхый ҳәм дыққатқа ылайық орынларға барыў ҳәм бирге ислесиў перспективалары бойынша сөйлесиўлер өткериў белгиленген.

Қарақалпақстан хабар агентлиги