Соңғы ўақытлары республикамыздағы медицина мәкемелеринде жумыс ислеўши пуқараларды социаллық жақтан қорғаў ҳәм қоллап-қуўатлаў бойынша Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен бир қатар унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Мәселен, кеңесимиз тǝрепинен пуқара Г.Уныӊ мүрәжаты үйренип шығылғанда, оны Республикалық қәнигелестирилген ана хәм бала саламатлығы илимий-әмелий медицина орайы мәмлекетлик шөлкеминиң Қарақалпақстан Республикасы филиалының лаборатория бөлими баслығы  лаўазымынан  2024-жыл   18-январь күни  нызамсыз түрде жумыстан шығарып жиберилгенлиги анықланды.

Мүрәжатты көрип шығыў ўақтында анықланыўынша Г.Уның мийнет шәртнамасының бийкар етилиўине жумыс ўақтында пайдаланылатуғын медициналық электрон аппарат турақлы ислемейтуғынлығы себеп етип көрсетилген.

Өзбекстан Республикасы Мийнет Кодексиниң 301-статьясы  3-бөлиминде “Егер хызметкердиң өз мийнет (лаўазым)   ўазыйпаларын  орынламағанлығы яки зәрүр дәрежеде орынламағанлығы хызметкерге байланыслы болмаған себеплерге  бола жүз берген  болса (хызметкердиң өз мийнет ўазыйпаларын орынлаў  ушын жумыс бериўши  тәрепинен зәрүрли шараятлар  тәмийинленбегенлиги, форс-мажор ҳалатлары  ҳәм тағы басқаларда), хызметкерди интизамый жуўапкершиликке тартыўға жол қойылмайды”,- деп белгиленген.

Буннан тысқары Г.Уның мийнет шартнамасын бийкар етиўден алдын мәкемениң кәсиплик аўқамы комитетиниң келисими алынбағанлығы анықланды.

Жоқарыдағыларға тийкарланып, кеңесимиз тәрепинен  мүрәжат бойынша ҳүжжетлер топланып хызметкер Г.У ның мәпин гөзлеп Г.У ны жумысқа қайта тиклеў, мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын мийнет ҳақыларын ҳәм руўхый зыян өндириўди сорап Нөкис районлараралық пуқаралық ислери бойынша судына даўа арза киргизилди.

Нәтийжеде  Нөкис районлараралық пуқаралық ислери бойынша судының қарары менен  хызметкер Г.У өз жумыс орнына қайта тикленип, мәжбүрий бос жүрген күнлери ушын мийнет ҳақыларын ҳәм руўхый зыян өндириў ҳаққында  шешим қабыл етилди.

Д.Уразбаев,

Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының
Қарақалпақстан Республикасы кеңеси мийнет ҳуқықы инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги